Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары
аймақлық бас басқармасы балансындағы 4Р-176 “Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир”
автомобиль жолының 4,5 км.де жер үсти пиядалар өтиў өткизгишиниң қурылысы
белгиленген. Буйырпашы етип Ɵзбекстан Республикасы Автомобиль жоллары комитети
жанындағы “Улыўмапайдаланыўдағы жолларды қурыў ҳəм реконструкциялаў дирекциясы”
Мəмлекетлик унитар кəрханасы белгиленген. Объекттиң улыўма баҳасы 2 244,0
млн.сўмды қурайды. Ҳəзирги Ўақытта 741,0 млн.сўм муғдарындағы жумыс көлеми
орынланды. Көпирди 2021-жылдың алты айлық жуўмағы менен пайдаланыўға тапсырыў
режелестирилген. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары
аймақлық бас басқармасы хабар берди.
ҚР Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети