Энергетика министрлиги тəрепинен
электр тəмийнаты ушын болған қарыздарлық төленгеннен кейин, электр энергиясы
автомат түрде қосылмайтуғынына түсиник
берилди.
Атап өтилиўинше АСКУЭ
системасы тутыныўшылардың 100 пайызын қамтып алғаннан кейин толық тəртипте
ислей баслайды. Бүгинги күнге шекем 72% тутыныўшыларға бул түрдеги есаплағышлар
орнатылған. Бул системаға толық жалғаныў 2021-жылдың апрель айына шекем
режелестирилген.
Министрликтиң мəлим
етиўинше, бул есаплағышлар ийе 2,9 млн (54%) тутыныўшы биллинг системасына
жалғанған, яғный төлем əмелге асырылғаннан кейин атомат түрде электр энергиясын
қабыл етиў иске түседи.