22.12.2024, Екшемби

Электр энергиясы машқаласы өз шешимин тапты

Әмиўдəрья районы «Дўстлик» МПЖ аймағындағы қуўатлылығы 6300 кВа болған трансформатор пункти 10000 кВа қуўатлылықтағы трансформаторға алмастырылды.

Бул арқалы «Дўстлик» МПЖ турғынлары, соның менен бирге аймақтағы өндирис кəрханаларын электр энергиясы менен үзликсиз тəмийинлеў машқаласы өз шешимин тапты.

 


Әмиўдəрья районы ҳəкимлиги Мəлимлеме хызмети