22.12.2024, Екшемби

Декабрь айында ҳаўа райы қандай болады? Синоптиклер хабар береди


Дәслепки болжаўларға қарағанда, быйылғы декабрьдиң температуралық көрсеткишлери орташа көп жыллық нормаларға жақын болыўы күтилмекте. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.

 Ай даўамында Өзбекстан көлеминде температураның түнде 0-5 градус суўықтан 2-7 градус жыллыға шекем, күндиз 0-5 градус жыллыдан 10-15 градус жыллыға шекем өзгерип турыўы күтилмекте. Қарақалпақстан аймағында түнде 8-10 градус суўық болыўы мүмкин. Айдың екинши ярымында болса 12-15 градус суўық болыўы күтиледи.

 Декабрьде жаўын-шашын жаўын ямаса қар көринисинде болады. Өзбекстан бойынша жаўын-шашынлы күнлер орташа 5 күннен 13 күнге шекем болыўы мүмкин. Бир суткада максимал жаўын-шашын муғдары суткалық нормадан бир қанша көп болыўы мүмкин. Қарақалпақстанда суткалық жаўын-шашын муғдары нормадан бир қанша төмен болыўы күтилмекте. Жаўын-шашын ай даўамында ўақты-ўақты менен бақланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.