22.12.2024, Екшемби

ҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛИНЕ МӘМЛЕКЕТЛИК ТИЛ БИЙЛИГИ БЕРИЛГЕНИНЕ 31 ЖЫЛ ТОЛЫЎЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН БАЙРАМ КЕШЕСИ САЛТАНАТЛЫ ТҮРДЕ БОЛЫП ӨТТИ

Кегейли районындағы Мәденият орайында қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 31 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам кешеси болып өтти. Кешеге Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы Махмуд Парпиев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Комитети баслығы Даўытбай Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министирлигинен Амангүл Тилеўниязовалар қатнасып, Ана-тилимиздиң қутлы сәнеси менен қызғын қутлықлап өтти.





Усы мүнәсибет пенен бир қатар билимлендириў тараў ўәкиллери, сондай-ақ, медицина хызметкерлери баҳалы саўғалар ҳәм ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды. Сондай-ақ, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Кегейли районлық Кеңеси ҳәм район ҳәкимлиги тәрепинен шөлкемлестирилген «Тыңлаған ҳәййиўим-қарақалпақша» атамысындағы онлайн тәризинде өткерилген таңлаўдың жеңимпазларына баҳалы саўғалар ҳәм дипломлар тапсырылды.Байрам кешеси йошлы концерт бағдарламалары менен даўам етти.

 

Кегейли районы хәкимлиги Мәлимлеме хызмети