22.12.2024, Екшемби

«Шайырлар аллеясы»нда байрам салтанаты болып өтти

Мойнақ районы орайындағы "Шайырлар аллеясында” қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 31 жыл толыўы мүнәсибети менен «Тил жасаса миллет жасайды» атамасында әдебий кеше ҳәм қарақалпақ тилиниң раўажланыўында орны теңсиз болған Күнхожа, Әжинияз, Бердақ бабаларымыздың естеликлерине гүл қойыў мәресими болып өтти.

 


Илажда Район ҳәкиминиң руўхый-ағартыўшылық жумыслар нәтийжелигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси С.Каримбаев, Республика руўхый ҳәм ағартыўшылық орайы Мойнақ районы бөлими баслығы Г.Тоқсанбаева, Өзбекстан Экологиялық партиясы районлық кеңеси баслығы Р.Байманова, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы районлық кеңеси баслығы К.Насырова, Мойнақ районы мәҳалле ҳәм  шаңарақты қоллап қуўатлаў бөлими баслығының ҳаял-қызлар мәселеси бойынша орынбасары Б.Жамалова сөзге шығып, жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлады. Сондай-ақ, мектеп оқыўшылары қарақалпақ шайырларының дөретпелеринен қосықлар оқыды.

 

Атап өтилгениндей, тил халықтың тарийхын, мәдений мийрасын, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин өзинде жәмлеген бийбаҳа байлық, миллеттиң тийкарғы белгиси есапланады.

 

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети