Социаллық тармақларда тарқалған Каттақўрғонда электр
энергиясыз қалған ыссыхана 35 мың долларлық зыян көргенлиги ҳаққындағы хабарлар
үйренип шығылғанында бул жағдай шынында да жүз бергенлиги анықланды.
Атап айтқанда "Каттақўрғон Валижон парранда" ЖШЖ
баслығы М.Улуғмуродов кешки ўақытта район электр тармақлары кәрханасы тәрепинен
6 саат даўамында электр энергиясы үзип қойылыўы ақибетинде 1 гектар майдандағы
ыссыханаға егилген помидор музлап қалған ҳәмде 231 млн сўм зыян
жеткерилгенлигин айтып район прокуратурасына мүрәжат еткен.
Райондағы "Муродулла бобо" фермер хожалығы баслығы
Ф.Насруллаев болса ыссыханадағы 1 гектар майданда помидор ҳәм 1 гектар
майдандағы қыяры музлап қалыўы нәтийжесинде 823 млн сўм муғдарында зыян көрген.
Фермер хожалықлары ҳәм электр тармақ кәрханалары ортасында
дүзилген шартнамаға муўапық, тәмийинлеўши буйыртпашыға электр энергиясын
жетерли дәрежеде ҳәм үзликсиз жеткерип бериўи лазым.
Шартнама шәртлери бузылғанлығы ҳәм миннетлеме талаплары
орынланбағанлығы себепли Каттақўрғон районы прокуратурасы тəрепинен усы жылдың
23-ноябрь сәнесинде бул жағдай бойынша "Самарқанд аймақлық электр
тармақлары" фермер хожалығына жеткерилген 1 млрд 54 млн сўмлық зыянды
өндириў бойынша Каттақўрғон районлараралық экономикалық судына даўа арза
берилген.
Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳәм оларға жеткерилген
зыянлардың өндирип берилиўи ўәлаят прокуратурасы қадағалаўына алынды.