22.12.2024, Екшемби

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ КЕЙИНГИ ҮШ ЖЫЛДА ҲӘР ТӘРЕПЛЕМЕ РАЎАЖЛАНАДЫ, ПҮТКИЛЛЕЙ ЖАҢА КӨРИНИСКЕ ИЙЕ БОЛАДЫ


Ташкентте не жаңалық болса, Нөкиске келиўи керек.

Жаңаша ислемесек, заман қабыл етпейди.

Шавкат Мирзиёев


Президент сапарынан соң

Кейинги төрт жыл ишинде елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжеси қала ҳәм аўылларымыз көринисинде, районларда жедел руўхта болып атырған қурылыс жумысларында анық көринбекте.

Әсиресе, турмысымызда ушырасып атырған машқалаларды шешиў, халықты турмысынан раз етиў бағдарында кең көлемли әмелий илажлар халқымыздың ертеңги күнине болған исенимин және де беккемлеп, оларды уллы дөретиўшилик жумысларына  руўхландырмақта.

Презимдентимиз Шавкат Мирзиёев усы жылдың 2-октябринде Қарақалпақстан Республикасына сапары ўақтында ҳәр бир қала  ҳәм районды раўажландырыў, халықтың турмысын жақсылаўға қаратылған ўазыйпаларды бегилеп берген еди.

Сол мақсетте жаңа раўажланыў бағдарламасын ислеп шығыў ушын республикалық жумысшы топар тәрепинен 37 мың хожалық ҳәм исбилерменлик субъектлери үйренилип шығылып, әҳмийетли мәселелер анықланды.

Усы таллаўлар тийкарында Қарақалпақстан Республикасын 2020-2023-жыллары комплексли раўажландырыў бағдарламасы ислеп шығылды.

Қарақалпақстан Республикасында 2020-2023-жыллары 2 мың 788 жойбар бойынша объектлерде 21 триллион  209 миллиард сумлық кең көлемли жумысларды әмелге асырыў режелестирилген.

Бундай бағдарлама ҳеш қашан болмаған

 

Президентимиздиң басшылығында 10-ноябрь күни Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде усы бағдарламада белгиленген илажлардың орынланыўын системалы шөлкемлестириў мәселелери додаланды.

Атап айтқанда, 17 район ҳәм қаланың өзине тән «өсиў ноқат»ларынан келип шығып 2020-2022-жыллары улыўма баҳасы 12 триллион 300 миллиард сум болған 1 мың 359 инвестициялық жойбар қәлиплестирилген. 523 миллион долларлық тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў, дерлик 20 мың жаңа жумыс орынларын жаратыў мөлшерленген.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы Қарақалпақстан шараятында ҳеш қашан 523 миллион долларлық инвестиция болмағанын, бул қарар қағазда қалып кетпеўи ушын қалай ислеўи керек екенлиги ҳаққында көрсетпелер берди.

Ҳақыйқатында да, Қарақалпақстанды раўажландырыўға байланыслы бундай бағдарлама тарийхта болмаған. Президентимиз тәрепинен усы жылы 11-ноябрьде «2020-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарардың қабыл етилиўи республикамызда кейинги үш жылда әмелге асырылатуғын қурылыс ҳәм жаңаланыўлар көлеми қаншелли кең екенинен дәрек берип тур.

Усы қарар жойбары бир неше додалаўлардан өтти ҳәм онда, биринши гезекте, халықтың турмысын жақсылаў және барлық қала ҳәм районның «өсиў ноқатлары»н анықлаған ҳалда, тараўларды жедел раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Анық мақсетли, перспективалы жойбарлар

 

Енди усы қарар тийкарында қандай жойбарлар әмелге асырылатуғыны белгиленгенине тоқтап өтсек.

Улыўма алғанда, 2020-2023-жыллары 2 мың 788 жойбар бойынша объектлерде 21 триллион 209 миллиард сумлық кең көлемли жумысларды әмелге асырыў режелестирилген.

Бул жойбарлардың орынланыўы нәтийжесинде жыллық экспорт көлеми 347 миллион АҚШ долларына, экспорт етиўши кәрханалардың саны 250 ге, экспорт етилетуғын мәмлекетлердиң саны 45 ке жеткериледи.

Соның менен бирге, бағдарлама тийкарында 45 мыңнан аслам жумыс орынлары жаратылады ҳәм жумыссызлық дәрежеси 13,2 проценттен 8,5 процентке түсириледи.

Бул ҳүжжетте Қарақалпақстанның район ҳәм қалаларының көринисин жаңалаў, жоллар және турақ жайлар қурыў мәселесине айрықша итибар қаратылған. Соның ишинде, жол-транспорт, инженерлик-коммуникация инфраструктурасы объектлеринде 7,6 триллион сумлық қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген. 2,4 триллион сумлық қаржы есабынан 855 километрлик халықаралық, республикалық ҳәм жергиликли әҳмийетке ийе жоллар қурылып, реконструкцияланады.

 

Усы жерде айтып өтиў зәрүр, жумысшы топар менен усы бағдарламаның ҳәр бир бәнти үстинде ислеп, оның орынланыўындағы машқалаларды қалай шешилиўин таллаған едик. Жолларды оңлаў бойынша белгиленген жумыслардың орынланыўы нәтийжесинде оңлаўға мүтәж жоллардың үлеси 35 проценттен 25 процентке шекем азаятуғыны белгили болды.

Ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў мақсетинде 2,9 триллион сумлық жумыс орынланады. Нәтийжеде ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежеси 61,5 проценттен 70,1 процентке жеткериледи. Канализация системасын жақсылаў мақсетинде 2,1 триллион сумлық жойбарлардың әмелге асырылыўы себепли 240 мыңнан аслам халыққа қолайлылық жаратылады.

Бағдарламаға муўапық, 300 социаллық тараў объектинде 1,2 триллион сумлық қурылыс, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумыслары әмелге асырылады. Соның ишинде, 76 мәмлекетлик және 20 мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде (360 млрд. сум) қурылыс-оңлаў жумыслары орынланады ҳәм 400 шаңарақлық бақша шөлкемлестириледи. 108 мектеп және 32 медицина мәкемесинде қурылыс, реконструкциялаў жумыслары орынланады. Сондай-ақ, бағдарламаға муўапық, 21 мәденият ҳәм 39 спорт объектин қурыў, реконструкциялаў да белгиленген.

Мәмлекетимиз басшысының аймақлардағы машқалаларды оператив шешиў бағдарындағы көрсетпесине тийкарланып Нөкис қаласы ҳәм барлық районларға тийисли министрликлер және уйымлардың басшылары ҳәм банклер бириктирилди. Ҳәзирги күнде бириктирилген министрликлер ҳәм банклер менен биргеликте тийисли жумыслар баслап жиберилди.

Мәселен, Нөкис қаласына Ташкент қалалық ҳәкими ҳәм «Асака» акционерлик коммерциялық банки бириктирилип, жойбарлардың презентациясы ислеп шығылды. Бул Өзбекстан бас көшеси бойындағы 39 көп қабатлы турақ жайларды заманагөй талаплар тийкарында оңлаў, 3,7 километр узынлықтағы көшелер бойлап пиядалар ҳәм велосипедлер жолларын шөлкемлестириў, жаңадан экобазар қурыў сыяқлы жойбарларды өз ишине алады.

Социаллық-экономикалық жақтан раўажланыў дәрежеси төмен борлған үш – Тахтакөпир, Бозатаў, Шоманай районларында 409 миллиард сумлық, сондай-ақ, 45 шараяты аўыр мәҳәлле ҳәм аўылларда 3 триллион сумлық қурылыс-оңлаў және абаданластырыў жумыслары әмелге асырылады.

Жеңилликлер исбилерменлерге күш бағышлайды

 

«2020-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары менен аймақтың өзине тән өзгешелигинен келип шығып, ең әҳмийетли экономикалық жумыс бағдарларында исбилерменлик субъектлерине салық жеңилликлерин бериў нәзерде тутылғанын айрықша атап өтиў орынлы.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан районларының өзине тән «өсиў ноқаты» деп белгиленген экономикалық жумыс бағдарлары бойынша жаңадан шөлкемлестирилген исбилерменлик субъектлери 2024-жыл 1-январьға шекем жер, мүлк салығы, киши кәрханалардың айланысынан алынатуғын салық, жеке тәртиптеги исбилерменлердиң қатаң муғдардағы дәрамат салығын төлеўден азат етиледи.

Социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежеси салысмтырмалы төмен болған Тахтакөпир, Бозатаў ҳәм Шоманай районларында жаңадан шөлкемлестирилетуғын санаат бағдарындағы исбилерменлик субъектлери 2024-жыл 1-январьға шекем жер, мүлк салығы, киши кәрханалардың айланысынан алынатуғын салық, жеке тәртиптеги исбилерменлердиң қатаң муғдардағы дәрамат салығын төлеўден азат етиледи. Пайда салығы ҳәм суў салығы төлемин әмелдеги белгиленген салық ставкаларының 50 проценти муғдарында әмелге асырады.

Бағдарламада республикамыз аймақларында санаат ҳәм аўыл хожалығы тараўларын раўажландырыў арқалы қосымша өним ислеп шығарыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў арқалы халықтың разылығына ерисиў мәселеси де тийкарғы бағдалардан бири сыпатында белгилеп алынған.

Мәселен, 9 жаңа санаат өнимин ислеп шығарыўды жолға қойыў, 27 санаат кластерин шөлкемлестириў, санааты төмен дәрежеде раўажланған Тахтакөпир, Бозатаў ҳәм Шоманай районларында кеминде 50 жаңа санаат кәрханасын иске қосыў режелестирилген.

Бағдарламада аўыл ҳәм суў хожалығы бойынша да бир қатар ўазыйпалар  белгиленген. Атап айтқанда пахта жетистириў бийкар етилип атырған 12 мың гектар майданда экспортқа қолайлы овощ егинлерин жайластырыў, пайдаланыўдан шыққан 35 мың 860 гектар жер майданын өзлестириў, аўыл хожалығында пайдаланыўға қайтадан киргизилетуғын 875 гектар жер майданында ыссыханалар шөлкемлестириў, музлатқышлы қоймаханалардың қуўатлылығын 40,8 мың тоннаға арттырыў солардың қатарына киреди.

Сондай-ақ, дийқанның қол қанатына теңлестирилген аўыл хожалығы техникаларының санын 1,4 мыңға шекем арттырыў мөлшерленген. Соның менен бирге, аймақта гөш ҳәм сүт өнимлеринен болған талапты қанаатландырыў мақсетинде нәсилли қарамаллардың санын және 30 мың басқа арттырыў режелестирилген. 30 мың гектар жер майданда гүнжи жетистириў және өнимди толық экспортқа бағдарлаў, балық жетистириў көлемин еки есе арттырыў есабынан балық өнимлерин 2021-жылы 35 мың тоннаға, 2022-жылы 50 мың тоннаға жеткериў нәзерде тутылған.

Қысқаша етип айтқанда, Қарақалпақстанды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға байланыслы үш жыллық бағдарлама ҳақыйқый мәниде тарийхый жаңаланыўларға тийкар салмақта. Елимизде исбилерменлик потенциалын көрсетиў ҳәм раўажландырыў ушын жаратылып атырған бундай имканиятлар ўатанласларымызды социаллық-экономикалық раўажланыўға мүнәсип үлес қосыўға шақырмақта. Соның ушын бағдарламада белгиленген илажлар тек ғана қағазда қалып кетпеўи ушын бар күш-ғайратымызды, потенциалымызды жумсаймыз.

Мәмлекетимиз басшысы қарарының орынланыўын тәмийинлеў нәтийжесинде кейинги үш жылда Қарақалпақстан Республикасы ҳәр тәреплеме раўажланады ҳәм пүткиллей жаңа көриниске ийе болады.


Қаҳраман САРИЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы

Министрлер Кеңесиниң Баслығы