22.12.2024, Екшемби

Спорт-саламат турмыс тəризин қəлиплестириўдиң тийкары

Дүнья жүзинде коронавирус пандемиясы жүзеге келиўи нəтийжесинде адамлардың денсаўлығына ҳəм саламат турмыс тəризине, атап айтқанда, жүрек-қан тамыры ҳəм дем алыў жоллары соның менен бирге нормадан артық салмақ кеселлиги менен наўқасланғанларға кери тəсир көрсетпей қалмады. Сонлықтан «Саламат турмыс тəризин қəлиплестириў ҳəм ғалаба спортты буннан былай да раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПП-6099-санлы Президент пəрманы қабыл етилди.

 

Пəрман менен дурыс аўқатланыў, зыянлы əдетлерден ўаз кешиў, спорт бенен турақлы түрде шуғылланыў ҳəм халқымыз арасында саламат турмыс тəризи бойынша турмыслық көнликпелерди жетилистириў белгилеп қойылған.

Сонлықтан  спорт бенен ғалаба түрде шуғылланыўды қəлиплестириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мийнет жəмəəти ҳəптениң дем алыс күнинде спорттың мини футбол, жүзиў ҳəм жуўырыў түрлеринен ишки жарыслар өткерди. Сондай-ақ, тренерлер менен бирге  шынығыўлар алып барылды.

 







ҚР Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети