Усы жыл 18-ноябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер
театрында «Жаңа Өзбекстан-жаңаша дүньяқарас» сүрени астында Өзбекстан
Республикасы мәмлекетлик байрағы қабыл етилгениниң 29 жыллығына бағышланған
илаж болып өтти.
Онда Өзбекстан
мәмлекетлик экономика университетиниң ректоры Қ.Шарипов, Өзбекстан ҳәм
Қарақалпақстан халық артисти М.Абдуқундузов, Қарақалпақстан Республикасы
Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов ҳәм басқалар шығып
сөйлеп, «Ўатанды сүйиў-ийманнандур» бас идеясы менен өткерилип атырған
руўхый-ағартыўшылық, мәдений илажлардан гөзленген тийкарғы мақсет, бүгин
елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың мазмун-мәниси ҳәм
әҳмийетин халыққа жеткериў, ең тийкарғысы олардың кеўил-кейпиятын көтериў болып
табылады.
Бүгинги күни
Қарақалпақстан Республикасында бул бағдарда 35 үгит-нәсият топары дүзилген
болып, олар 416 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында турғынлар менен
ушырасыўлар өткермекте. Бул ушырасыўларда Президентимиздиң басшылығында
елимизде әмелге асырылып атырған жаңаланыўлар процеси жәмийетшиликке
тәсиршең усылларда жеткерилмекте. Үгит-нәсият илажларына биринши гезекте
социаллық жәрдемге мүтәж адамлар, соның ишинде ҳаял-қызлар, жәмлеспеген жаслар,
кексе әўлад ўәкиллери, руўхый қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақ ағзалары қамтып
алынбақта.
Қарақалпақстан
Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, оның қалалық
ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен пуқаралар жыйынларының баслықлары менен
биргеликте орынларда белгили сиясатшы ҳәм илимпазлар, көркем өнер
ғайраткерлери, жазыўшы-шайырлар, спортшылардың қатнасыўы тәмийинленбекте.
Үгит-нәсият топары ағзалары тәрепинен ҳәр бир пуқарада, соның ишинде жасларымызда елимизде әмелге асырылып атырған реформаларға қатнас туйғысын қәлиплестириў, мийрим-шәпәәт, шүкиршилик, бир-биреўге жәрдем сыяқлы миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларды қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Усы көз-қарастан қарағанда өткерилип атырған ушырасыўлар қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырмақта.
Илаж республикамыз
көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң
шолыўшысы.
М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери