22.12.2024, Екшемби

Ɵзбекстан гүзары бойындағы 39 көп қабатлы турақ жайлар реконструкциядан шығарылады


Мəмлекетимиз басшысының Қарақалпақстан республикасындағы бар болған машқалаларды тез пурсатта сапластырыў бағдарындағы көрсетпесине муўапық Нөкис қаласы ҳəм барлық районларға тийисли министрлик ҳəм мəкемелердиң басшылары сондай-ақ, банклер бириктирилди. Ҳəзирги ўақытта бириктирилген  министрлик пенен банклер биргеликте жумысларды баслап жиберди.

Атап айтқанда, Нөкис қаласына Ташкент қаласы ҳəкими ҳəм “Асака” акционерлик коммерциялық банки бириктирилиб, жойбарлардың презинтациясы ислеп шығылды. Бул Ɵзбекстан гүзары бойындағы 39 көп қабатлы турақ жайларды заманагөй талаплар тийкарында реновациядан шығарыў, 3,7 км. узынлықтағы көшелер бойында пиядалар ҳəм велосипед  жолын қурыў сыяқлы жойбарларды өз ишине алады.

Социаллық-экономикалық жақтан раўажланыў дəрежеси төмен болған Тахтакўпир, Бозатаў ҳəм Шоманай районларында жəми 409 млрд. сум муғдарындағы қурылыс-оңлаў ҳəм абаданластырыў жумыслары əмелге асырылады.

 

ҚР Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети