22.12.2024, Екшемби

Елликқала районындағы пахта-тоқымашылық кластери тийкарында 500 ден аслам жаңа жумыс орынлары жаратылды

Елликқала районында 10740, 0 гектар жер майданға пахта егилип, 25, 8 мың тонна пахта өним алыў мүмкиншилиги бар. Бүгинги күнде районда жумыс алып барып атырған "Бостан кластер" ЖШЖ пахта - тоқымашылық кластери тийкарында  "Бостан мега текстил" ЖШЖ,  "Бостан оптимал текстил" ЖШЖ ҳәм "Эллмед" ЖШЖ лар шөлкемлестирилген.

 

"Бостан мега текстил" ЖШЖ тәрепинен 5000 тонна ийирилген жип ҳәм

 10000 пгм дженси гезлемеси ислеп шығарыў жойбары иске түсирилди. Бүгинги күнде кәрханада 400 жаңа жумыс орны жаратылды.

 

"Бостан оптимал текстил" ЖШЖ тәрепинен усы жылда 73,4 млрд сум муғдарындағы ийирилген жип,  ҳәм сүлги ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жойбары әмелге асырылды. Буның нәтийжесинде 100 ден аслам жумыс орны жаратылды ҳәм қосымша 200 жаңа жумыс орнын шөлкемлестириў режелестирилген.

 


Эстониялы инвесторлар менен шерикликте "Эллмед" қоспа кәрханасы шөлкемлестирилип улыўма баҳасы 2, 5 млн AҚШ доллары болған "медицина бинти ҳәм пахта мамығын ислеп шығарыў жойбары 2021-жылда иске түсирилиўи режелестирилген. Усы жойбар нтийкарында 200 жаңа жумыс орны жаратылады.

 

ҚР Министрлер Кеңеси Мәлимлеме хызмети