22.12.2024, Екшемби

Мойнақ Медицина тараўы бойынша жетекши орынға шығады

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов: « – Медицина тараўы бойынша Мойнақ жетекши орынға шығады!»

Бүгин Мойнақ районлық медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы шаңарақлық поликлиниканың жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды. Имараттың ашылыў салтанатына район ҳәкими Е.Еденбаев қатнасып, медицина тараўы хызметкерлерин және бир ирет байрам менен қутлықлады. Сондай-ақ, усы жылдың 6-ноябрь сәнесинде Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында болып өткен видеоселектор жыйналысында денсаўлықты сақлаў системасының бирлемши буўынын жетилистириў ҳәм де халық арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў мәселелери додаланғанлығын айрықша атап өтти.

Илажға район турғынлары, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары А.Инаятов, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов  ҳәм Қарақалпақстан Медицина институтының ректоры О.Атаниязовалар қатнасты. 
Олар өз сөзлеринде аймақ халқын жаңалық пенен қызғын қутлықлап, район турғынлары ҳәм медицина хызметкерлери ушын бир қатар жаңалықлары бар екенлигин айтып өтти.

Атап айтқанда, бүгиннен баслап Қарақалпақстан Медицина институтының питкериўши студентлерине әмелият сабақлары Мойнақта өтиледи. Оларды шаңарақлық шыпакери етип таярлаў мақсетинде Мойнақ районлық медицина бирлеспесиниң тәжирийбели шыпакерлерине бекитиледи. Соның менен бирге, жас кадрларды турақ жай менен тәмийинлеў илажлары көриледи. Студентлердиң теориялық билим алыўы үзилиске түспеўи ушын онлайн сабақлар шөлкемлестириледи. Жаңа поликлиниканың 24 саат даўамында жумыс ислеў системасы жаратылады. 

Медицина тараўындағы бүгинги жаңалықлар район турғынларын үлкен қуўанышқа бөледи. Соң илаж қатнасыўшылар қолы гүл қурысшыларымыз тәрепинен бой тиклеген жаңа имараттың қурылысы, пуқаралар  ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети