2020 жыл 9-ноябрь күни Елликқала районында Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барып атырған ҒХҚ ўəкиллери болған баспасөз хаткерлери, журналист ҳəм блогерлер қатнасыўында медиа-тур менен бирге баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди.
Медиа-турдың биринши объекти «Чўпон» мəҳəлле пухаралар жыйыны аймағындағы 10-санлы мектепке шекемги билимлендириў мəкемесиниң ашылыўынан басланды.
Буннан кейин қатнасыўшылар районда 3,5 гектар жер майданға гидропоника усылында қурылған палыз өнимлерин жетистириўши ыссыханада болды. «Агроэксимгольд» гидропоника ыссыханасында жетистирилген өнимлер Қазақстан ҳəм Россия мəмлекетлеринде экспортқа шығарылмақта. 2019-жылда 15 млрд ал, 2020-жылда 20 млрд сум муғдарындағы өним экспортқа шығарылған. Әҳмийетли тəрепи гидропоникада 65 жас жумыс пенен тəмийинленген.
Медиа-тур қатнасыўшыларының кейинги мəнзили Гүлдирсин қала
тарийхый естелиги болды. Қаладан археологиялық қазыўлар ўақтында орта əсирлерге
тийисли болған безениў буйымлары ҳəм теңгелер табылған.
Журналист блогерлер Сахтиён қалашасындағы Лимонария мененде
танысты. Бул лимонария 3 гектар жер майданға қурылған болып. Кейинги жылда
толық мийўе бере баслайды.
Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, ыссыхананың жойбар баҳасы 1275,5 долларды қурайды. Бул жердеги лимон нəллериниң басым көпшилиги Ферғана ўəлаятынан алып келинген. Ыссыхана толық иске түскеннен кейин 85 жас жумыс пенен тəмийинленеди.
Күнниң екинши ярымында қатнасыўлар ушын пресс-конференция шөлкемлестирилди.
Ең соңғы мəнзил Топырақ қала естелиги болды. Өзиниң
оғада бай тарийхы менен белгили болған Топырақ
қаланың майданы 500х3500 м. Төрт мүйешли етип салынған
қала дөгерегин қоршаған қорған пақсалары
топырақ үйиндилери түринде сақланып қалған, пақсалардың
бийиклиги гейбир жерлеринде 8-9 м ге шекем
жетеди. Мүйешинде үш минаралы сарай бой тиклеп турған.
Қала дәрўазасынан басланған көше
қаланы екиге бөлип турған, көшениң еки бойында
кварталлар (тийкарынан өнерментлер жасайтуғын) жайласқан болып,
олардың биринде ибадатхана имаратлары жайласқан.
Қала имаратларының биринде
алтын жалатылған жезден исленген билезик кийгизилген
таў қошқарының шақлары табылған, еденде олардың
әтирапында сый- саўға сыпатында әкелинген көп санлы
затлар, шийше ыдыслар, безениў буйымлары, алебастирден
исленген ҳәйкеллердиң сынықлары, ойнап турған
фантастикалық нықаплардың пақсаға сызылған сүўретлери
табылған. Залда әскерлердиң ҳәйкеллери, ал «Патшалар залы»нда –
қам ылайдан исленген патшалардың
скульптуралық фигуралары табылды.
ҚР Министрлер
Кеңеси Мəлимлеме хызмети