Ҳəзирги
ўақытта Мəлимлеме ҳəм ғалаба коммуникациялар агентлиги тəрепинен БМШның
Ɵзбекстандағы ўəкилханалары менен биргеликте шөлкемлестирилген глобал
хабардарлықты арттырыўға қаратылған «Аралға өмир бер» атамасындағы онлайн
конференция болып өтпекте. Конференцияны өткериўден мақсет қоршаған орталықты тиклеў
тараўындағы инновациялық қураллар ҳəм механизмлерди, Арал теңизи регионында
денсаўлықты сақлаў машқалаларын сапластырыў механизмлерин додалаў болып
есапланады.
Соның менен бирге, конференцияда жергиликли халықтың бəнтлигин тəмийинлеў ҳəм турмыс дəрежесин жақсылаў сондай-ақ, экологиялық апатшылықтың тəсирлерин жумсартыў бойынша қосымша илəж сыпатында регионда социаллық исбилерменликти раўажландырыў бойынша халықаралық тəжирийбени енгизиў перспективалары да додаланып атыр.
Конференцияға
ҒХҚ ўəкиллери, журналистлер ҳəм блогерлер қатнаспақта.
ҚР
Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети
Каналға ағза
болыў:@QresMinistrlerKenesi