22.12.2024, Екшемби

Нөкис қаласында “CALL CENTER” – медициналық орайы өз жумысын баслады

Қарақалпақстан Республикасы Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив Штабының жанында “CALL CENTER” – медициналық орайы өз жумысын баслады.

“CALL CENTER” – медициналық орайы ҳәр күни 24 саат даўамында Қарақалпақстан Республикасы халқыныӊ медициналық жақтан қорғалыўын күшейтиў, оларға медициналық-профилактикалық жәрдем көрсетиў, “COVID-19” коронавирус кеселлигиниӊ белгилери пайда болған жағдайда зәрүр мәсләҳәт ҳәм мәлимлеме бериў бойынша күни-түни жумыс алып барады.

Әҳмийетлиси, орайға Нөкис қаласындағы Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелериниӊ жоқары маманлықтағы шыпакерлери бириктирилген.

Ҳүрметли пуқаралар!

Егер Сизде денсаўлығыӊыз бенен байланыслы, яғный коронавирус кеселлигиниӊ белгилери пайда болғанда “CALL CENTER” мәсләҳәт орайыныӊ  (61) 224 11 35 телефон номерине қоӊыраў етиӊ!

Мәсләҳәт орайы ҳәр күни Сизиӊ хызметиӊизде.

Өзиӊизди ҳәм өзгелерди сақлаӊ!

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi