22.12.2024, Екшемби

Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы орайласқан ишимлик суў тармақларына ийе болмаған елатлы пунктлерине ишимлик суўын арнаўлы техникаларда жеткерип бериўдиң бирден-бир тарифлерин тастыйықлаў ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарары

Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 15-июльдағы 194-санлы “Коммуналлық хызметлер кѳрсетиў қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында”ғы (Ѳзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери топламы, 2014-ж., 30-сан, 368-статья; 2017-ж., 9-сан, 131-статья; Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасы, 04.04.2018 ж., 09/18/252/0995-сан, 04.05.2018 ж.,  09/18/321/1154-сан, 04.10.2018 ж., 09/18/789/1993-сан,   23.11.2018 ж., 09/18/950/2216-сан; 07.02.2019 ж., 09/19/95/2583-сан, 20.06.2019 ж., 09/19/498/3310-сан, 29.12.2019 ж., 09/19/1046/4242-сан) қарарларына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қарар етеди:

1. Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы орайласқан ишимлик суў тармақларына ийе болмаған елатлы пунктлер ҳәм социаллық тараў объектлериниң жайласыў аралығына қарамастан ишимлик суўын арнаўлы техникаларда жеткерип бериўдиң бирден-бир тарифлери қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

2. Нѳкис қаласы ҳәм районлар ҳәкимликлери “Қарақалпақ суў тәмийнаты” жуўапкершилиги шекленген жәмийети (А.Қудайназаров) менен биргеликте белгиленген тәртипте ишимлик суўды локал суў тәмийнаты системаларынан арнаўлы автотранспортлар арқалы жеткерип бериў тәртибин, анық мүддетлерин, муғдарларын, жеткерип бериў пунктлерин белгилеў (тастыйықлаў), ҳәр бир пунктке арнаўлы автотранспорт жәрдеминде ишимлик суўды жеткерип бериўши жуўапкер шѳлкемди белгилеў бойынша зәрүр ҳүжжетлерди тастыйықласын.

3. Қарақалпақстан Республикасы Үй-жай коммуналлық хызмет кѳрсетиў министрлиги (А.Досназаров), “Қарақалпақ суў тәмийнаты” ЖШЖ (А.Қудайназаров), Нѳкис қаласы ҳәм районлар ҳәкимликлери орайласқан ишимлик суў тәмийнатына ийе болмаған ҳәм алыс аралықта жайласқан елатлы пунктлер ҳәмде социаллық объектлерге арнаўлы автотранспортларда ишимлик суў муғдарларын белгиленген тәртипте тастыйықланған графиклер ҳәм қосымшадағы бирден-бир тарифлер тийкарында жеткерип берилиўин шѳлкемлестирсин.

4. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2016-жыл 20-октябрьдағы 310-санлы қарары ѳз күшин жоғалтқан деп есаплансын.

5. Министрлик ҳам кәрханалар ѳзлери қабыл еткен ҳуқықый ҳүжжетлерди бир ай мүддетте усы қарарға муўапықластырсын.

6. Қарақалпақстан телерадиокомпаниясына (Б.Ельманов), Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар басқармасына (А.Бекмуратов) орайласқан ишимлик суў тәмийнатына ийе болмаған елатлы пунктлер ҳәм социаллық тараў объектлериниң жайласқан аралығына қарамастан ишимлик суўын арнаўлы техникаларда жеткерип бериўдиң бирден-бир тарифлери ҳаққында ғалаба хабар қураллары арқалы кең жарытыў усыныс етилсин.

7. Усы қарар рәсмий жәрияланған күннен баслап ѳз күшине кириўи белгилеп қойылсын.

8. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Ж. Ембергеновқа жүкленсин.


   Қарақалпақстан Республикасы

  Министрлер Кеңесиниң Баслығы                                     Қ. Сариев

 

 №188  06.07.2020 ж.

 

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 6-июль 188-санлы қарарына

ҚОСЫМША

 

 

Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы орайласқан ишимлик суў тармақларына ийе болмаған елатлы пунктлер ҳәм социаллық тараў объектлериниң жайласыў аралығына қарамастан ишимлик суўын арнаўлы техникаларда жеткерип бериўдиң бирден-бир тарифлери

 

Аймақлар

Аймақлар бойынша орташа тарифлер

(ҚҚСсыз)

Кѳтере тутыныўшыларға (бюджет ҳәм басқалар)

(сум/м3)

Жеке хожалықларға

(сум/литр)

1

2

3

Қарақалпақстан Республикасының барлық аймақлары бойынша

34350

32