А.К.Хамраевты Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри лаўазымына тайынлаў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары
Қарақалпақстан Республикасы
Конституциясының 85-статьясы 7-бәнтине, “Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы
Кеңеси ҳақкында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 15-статьясы
10-бәнтине муўапық Қарақалпақстан
Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы
ҚАРАР ЕТЕДИ:
1. Хамраев Атаджан Каримович Қарақалпақстан
Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри лаўазымына тайынлансын.
2. Усы қарар тастыйықлаў ушын Қарақалпақстан
Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясына усынылсын.
Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов