21.12.2024, Шемби

ИСБИЛЕРМЕНЛИК СУБЪЕКТЛЕРИ МЕНЕН НӘТИЙЖЕЛИ ҚАРЫМ-ҚАТНАС СИСТЕМАСЫН ЕНГИЗИЎ ҲӘМ ОЛАРДЫҢ ҲУҚЫҚЫЙ ҚОРҒАЛЫЎЫН БУННАН БЫЛАЙ ДА КҮШЕЙТИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Санлы технологиялар арқалы исбилерменлик субъектлериниң машқалалары менен ислесиў системасын жетилистириў, сондай-ақ, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў механизмлерин буннан былай да күшейтиў мақсетинде:

1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил (кейинги орынларда – Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Саўда-санаат палатасының «b7!8n3!!.g9v.7z» бирден-бир интерактив порталын төмендеги имканиятларға ийе болған «Исбилерменниң виртуал офиси» мәлимлеме порталына (кейинги орынларда – портал) айландырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин:

исбилерменлик субъектлериниң мүрәжатларын күни-түни қабыллаў, шешиў ҳәм бул процесслерди қадағалаў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер және исбилерменлик субъектлери арасында тематикалық онлайн додалаўлар ҳәм сораўлар өткериў арқалы исбилерменлик жумысына тосқынлық етип атырған системалы машқалаларды анықлаў және оларды сапластырыў бойынша усынысларды қәлиплестириў;

нызамшылықты жетилистириў бойынша исбилерменлик субъектлериниң жәмәәтлик мүрәжатларын қабыл етиў;

исбилерменлик субъектлери ушын зәрүр болған хызметлерден пайдаланыў, соның ишинде, лицензия ҳәм рухсат бериў өзгешелигине ийе ҳүжжетлер, кредит, субсидия, компенсация ҳәм кепилликлер алыў, салық ҳәм бажыхана ҳәкимшилигин әмелге асырыў имканиятын беретуғын мәлимлеме системалары менен жалғаныў.

2. 2022-жыл 1-августтан сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) порталға төмендегилер тәрепинен мүрәжатлар киргизиледи:

исбилерменлик субъектлери;

Саўда-санаат палатасы жанындағы «Саll-марказ» хызмети;

Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил – исбилерменлерден көшпели қабыллаўларда келип түскен мүрәжатлар тийкарында;

мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша район (қала) ҳәкимлериниң жәрдемшилери. Онда, ҳәким жәрдемшилери исбилерменлик субъектлериниң мүрәжатларын мәҳәллениң өзинде көрип шығыў ҳәм шешиў илажларын көреди, мәҳәлле дәрежесинде шешиў имканияты болмаған мүрәжатларды порталға киргизеди;

б) порталға киргизилген мүрәжатлар автоматластырылған түрде ямаса Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил тәрепинен (мүрәжатта ўәкилликли уйым көрсетилмегенде) тийисли ўәкилликли уйымларға көрип шығыў ҳәм шешиў ушын жибериледи;

в) ўәкилликли уйымлар портал арқалы келип түскен мүрәжатларды нызамшылықта белгиленген тәртипте ҳәм мүддетлерде көрип шығады ҳәм нәтийжелери ҳаққында мәлимлемени порталға киргизеди;

г) Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил:

порталға киргизилген мүрәжатларды көрип шығыў тәртиби ҳәм мүддети үстинен санлы қадағалаў орнатады ҳәм нызам бузылыўы жағдайлары бойынша тийисли тәсир илажларын қолланады;

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Саўда-санаат палатасы менен биргеликте мүрәжатларды таллаў тийкарында аймақлар ҳәм тараўлар кесиминде исбилерменликти раўажландырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине ҳәр айда усыныслар киргизип барады.

3. Исбилерменлик субъектлериниң мүрәжатларын «Исбилерменниң виртуал офиси» мәлимлеме порталы арқалы қабыл етиў, улыўмаластырыў ҳәм қадағалаў схемасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

4. Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил аппараты басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 101 штат бирлиги муғдарында белгиленсин ҳәм олардың қосымша 15 штат бирлиги Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң штат бирликлерин қысқартыў есабынан қәлиплестирилсин.

5. а) Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил Саўда-санаат палатасы ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте ҳәр жылы 1-февральға шекем тастыйықланатуғын реже-графиклер тийкарында:

исбилерменлик субъектлеринде өткерилген тексериўлердиң нызамлылығы ҳәм исбилерменлик тараўындағы нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, соның ишинде, жергиликли ҳәкимликлер жумысында үйрениўлер өткеретуғыны;

аймақларда көшпели қабыллаўлар өткеретуғыны ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен көтерилген мәселелерди орнында шешиў илажларын көретуғыны;

ўәкилликли уйымлар ушын аймақларға шыққан ҳалда, исбилерменлик субъектлериниң мүрәжатлары менен ислесиў ҳәм тексериўлер өткериў тәртиби бойынша оқыў шынығыўларын шөлкемлестиретуғыны;

б) Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил ҳәр жылы 1-мартқа шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәмлекетлик уйымлар тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлерине әмел етилиўиниң жағдайына байланыслы жыллық есабат беретуғыны белгиленсин.

6. Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2022-жылдың ақырына шекем портал усы Пәрманның талапларына муўапық жетилистирилиўин ҳәм «Электрон ҳүкимет» системасының уйымлараралық платформасына интеграцияланыўын, сондай-ақ, порталдың M9b8l3-8D системасы арқалы идентификациялаў имканиятына ийе мобиль версиясының жаратылыўын тәмийинлесин.

7. Қаржы министрлиги Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкилдиң тийкарланған есап-санақларына муўапық 2022-жыл 1-сентябрьге шекем 2022-жыл ушын Миллий кинематографияны раўажландырыў орайының қаржыларын қәлиплестириў ушын Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржыларды оптималластырыў есабынан порталды жетилистириў, Саўда-санаат палатасы жанындағы «Саll-орай» хызметин қаржыландырыў, сондай-ақ, усы Пәрманда нәзерде тутылған Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил аппаратының жумысын жетилистириўге байланыслы басқа да қәрежетлерди қаржыландырыў ушын зәрүр қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин.

Онда, 2023-жылдан баслап порталдан пайдаланыў ҳәм Саўда-санаат палатасы жанындағы «Саll-орай» хызметиниң жумысы Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил аппаратының бюджеттен тысқары қоры есабынан қаржыландырылады.

8. Әдиллик министрлиги Мәмлекетлик салық комитети, Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети менен биргеликте 2022-жыл 1-сентябрьге  шекем улыўма аўқатланыў ҳәм усақлап сатыў тараўларындағы жумысты тәртипке салатуғын талапларды әпиўайыластырыў ҳәм бул тараўлардағы исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў илажларын нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

9. Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте рухсатнамаға ийе жер астынан пайдаланыўшылардың ҳәр жер асты мәмлекетлик фонды кадастрына киргизилген жер участкаларының дизимлерин қәлиплестирсин.

Онда, қәлиплестирилген дизимлерге тийкарланып:

 Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери бир ай мүддетте тийисли жер участкаларын Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетине турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ажыратсын;

Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети тийисли жер участкалары ажыратылғаннан кейин бир ай мүддетте исбилерменлик субъектлерине жер астынан пайдаланыў мақсетлери ушын зәрүр болған жер участкаларын ижара ҳуқықы тийкарында берсин.

10. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.

11. Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил еки ай мүддетте төмендегилерди Министрлер Кабинетине киргизсин:

Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил аппаратының бюджеттен тысқары қорын дүзиў, оның қаржыларын қәлиплестириў ҳәм пайдаланыў тәртибин нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын;

нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды.

12. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил Д.С.Қосимов белгиленсин.

Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары  Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,                   

2022-жыл 27-июль