Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Өзбекстан
Республикасы Президентиниң 2021-жыл 29-ноябрьдеги
«Өзбекстан Республикасы жәмийетлик қәўипсизлик концепциясын тастыйықлаў ҳәм оны
әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-27-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў,
сондай-ақ, жол ҳәрекетин шөлкемлестириў системасын буннан былай да жетилистириў,
автомобиль жоллары инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм жол ҳәрекети қатнасыўшылары
ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде:
1. Жол
инфраструктурасын жетилистириў ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениў шараятларын жаратыў арқалы
жолларда авариялық ҳәм өлимшилик жағдайларын кескин қысқартыў, соның ишинде, ҳәрекетти
басқарыў системасын толық санластырыў ҳәм жәмийетшиликтиң усы тараўдағы
жумысларға кеңнен қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде төмендегилерди нәзерде
тутатуғын 2022-2026-жыллар даўамында
республика аймағында әмелге асырылыўы мөлшерленген «Қәўипсиз ҳәм тегис жол» улыўмамиллий
бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) қосымшаға муўапық тастыйықлансын:
автомобиль жоллары
инфраструктурасын комплексли жетилистириў;
автомобиль жоллары
ҳәрекетин басқарыў системасын санластырыў;
жәмийетлик
транспортты раўажландырыў ҳәм санластырыў;
жол ҳәрекети қәўипсизлигин
тәмийинлеў бойынша үгит-нәсият жумысларын күшейтиў, балаларға жол ҳәрекети қағыйдаларын
әмелий үйретиўди жолға қойыў;
айдаўшыларды
таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасын жетилистириў және транспорт қуралларының
техникалық жағдайы үстинен қадағалаўды күшейтиў.
2. Бағдарламада
белгиленген мәнзилли илажлардың әмелге асырылыўын өз ўақтында ҳәм толық тәмийинлеўге
қаратылған төмендеги қадағалаў тәртиби орнатылсын:
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы
прокурорлары – ҳәр шеректе жуўапкер мәмлекетлик уйымлар тәрепинен Бағдарлама
орынланыўының әмелге асырылыўы бойынша аймақлар кесиминде үйрениўлерди өткериў ҳәм
нәтийжелери бойынша Бас прокуратураға мәлимлеме бериўди шөлкемлестирсин;
Бас прокуратура (Н.Т.Йўлдашев), Есап палатасы (Б.Т.Турабов) – ҳәр шеректе жуўапкер мәмлекетлик
уйымлар басшыларының Бағдарламаның орынланыўы, соның ишинде, аймақлар кесиминде
әмелге асырылыўы бойынша есапларын тыңлаў ҳәм орынланбаған мәселелери бойынша
сын көзқарастан додалаў мақсетинде Жол ҳәрекети
қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша республикалық арнаўлы комиссияға мәлимлеме
киргизиў әмелиятын жолға қойсын;
Министрлер Кабинети (А.Н.Арипов) – ҳәр ярым жылда Бағдарламаның
орынланыўын аймақлар кесиминде сын көзқарастан додалаў, орынланыўы бойынша
кемшиликлерге жол қойған жуўапкер басшыларға интизамий жаза шараларын көриў,
сондай-ақ, Бағдарламада белгиленген илажларды толық әмелге асырыўды шөлкемлестирсин.
Бағдарламада
белгиленген мәнзилли илажлардың өз ўақтында ҳәм толық орынланыўын сөзсиз тәмийинлеў
ушын жуўапкершилик жеке Қарақалпақстан
Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери,
Ишки ислер министри, Транспорт министрлиги жанындағы Автомобиль жоллары
комитетиниң баслығына жүкленсин.
3. Қарақалпақстан
Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:
Бағдарламада
белгиленген илажларды әмелге асырыў бойынша анық механизмлерди нәзерде тутатуғын
мәнзилли илажларды өз ишине алған «жол
картасы»н ҳәр жылы ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Жол ҳәрекети қәўипсизлигин
тәмийинлеў бойынша республикалық арнаўлы комиссияға киргизсин;
ҳәр шеректе
жоллардың жағдайы ҳәм әмелдеги инфраструктура, авария ошақлары, қағыйдабузыўлар
жағдайын таллаў тийкарында, ҳәрекет қәўипсизлиги, транспорт ҳәм жол тараўларына
жуўапкер шөлкемлердиң басшыларының жумысын сын көзқарастан үйренип Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси,
Халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслерине додалаў ушын
киргизип барсын.
4. Қарақалпақстан
Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Ишки
ислер министрлиги, Транспорт министрлиги жанындағы Автомобиль жоллары комитети:
Бағдарлама шеңберинде
әмелге асырылып атырған илажларда жәмийетшиликтиң
қатнасыўын тәмийинлеўге ҳәм «Ашық бюджет» мәлимлеме порталы арқалы қаратылып
атырған қаржылардан әйне усы бағдарда нәтийжели пайдаланыўға айрықша итибар қаратсын;
Өзбекстан Миллий мәлимлеме
агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте усы қарардың
мақсети ҳәм ўазыйпалары ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.
5. Бағдарламада нәзерде
тутылған илажлар ҳәр жылы бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қаржылардың
шекленген муғдарлары шеңберинде, сондай-ақ, «Қәўипсиз жол ҳәм қәўипсиз пияда»
республикалық қоры қаржыларының есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
6. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге
жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас
прокурор Н.Т.Йўлдошев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы,
ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, ишки ислер министри П.Р.Бобожонов ҳәм
транспорт министри И.Р.Маҳкамовлар белгиленсин.
Усы қарардың
орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан
Республикасы Президентиниң кеңесгөйлери Б.Д.Исламов ҳәм Р.А.Гулямовларға жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 12-июль
--0--