Қарақалпақстан
Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң 2018-жыл 5-июльдеги
01-01-05/1257-санлы, Төрткүл районы ҳəкимлигиниң
2018-жыл 30-июндағы 02-01/723-санлы, Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң 2018-жыл
20-июльдағы 05/1499-санлы ҳәмде Финанс министрлигиниң 2018-жыл 24-июльдағы
СМ/04-02/2062-санлы хатларына муўапық Төрткүл районы 1-санлы Республикалық ҳəм
Нөкис қаласы 40-санлы көп тармақлы қəнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мəкемелерин
əпиўайы түрдеги мəмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мəкемеси сыпатында
қайта шөлкемлестириў хаққындағы усынысларын инабатқа алып:
1.
Төрткүл районы 1-санлы Республикалық мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин
районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы әпиўайы түрдеги
мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси етип ҳəмде Нөкис қаласы 40-санлы көп
тармақлы қəнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мəкемесинде
тәрбияланып атырған 36 аўыр ҳәм жеңил түрдеги нуқсаны болған балаларын 26-санлы
көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине
жайластырып, Нөкис қаласы 40-санлы əпиўайы түрдеги мектепке шекемги
билимлендириў мəкемеси сыпатында қайта шөлкемлестириў хаққындағы Қарақалпақстан
Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң 2018-жыл 5-июльдағы
01-01-05/1257-санлы хатына тийкар Төрткүл районы ҳəкимлигиниң 2018-жыл
30-майдағы 02-01/723-санлы, Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң 2018-жыл 20-июльдағы
05/1499-санлы ҳәмде Финанс министрлигиниң 2018-жыл 24-июльдағы СМ/04-02/2062-санлы
усыныслары мақуллансын.
2. Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри
(Ж.Уснатдинова)не, Төрткүл районы ҳәкими (Н.Худайбергенов)не, Нөкис қаласы
ҳәкими (П.Турешов)не Төрткүл районы 1-санлы Республикалық мектепке шекемги
билимлендириў мәкемесинде тәрбияланып атырған нуқсаны болған балаларды районлық
мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы 6-санлы мектепке шекемги билимлендириў
мәкемесине көширип, районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы
әпиўайы түрдеги мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси етип қайта
шөлкемлестириў;
Нөкис қаласы 40-санлы көп тармақлы қəнигелестирилген мектепке шекемги
билимлендириў мəкемесинде тәрбияланып атырған нуқсаны болған балаларды 26-санлы
көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине көширип,
Нөкис қаласы 40-санлы əпиўайы түрдеги мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси
етип қайта шөлкемлестирип, қуўатлылығын инабатқа алып, аймақтағы мектепке
шекемги жастағы балаларды қамтып алыў;
қайта
шөлкемлестирилип атырған əпиўайы түрдеги мəмлекетлик мектепке шекемги
билимлендириў мəкемелери ҳүжжетлерин тийисли тəртипте рəсмийлестириў
тапсырылсын.
3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2016-жыл
4-марттағы 44-б-санлы бийлигинде көрсетилген “Нөкис қаласы 40-санлы көп тармақлы қəнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мəкемеси” атамасы “Нөкис қаласы 40-санлы əпиўайы түрдеги мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси” деп оқылсын.
- тийисли
министрлик ҳәм мәкемелер өзлери қабыл қылған норматив-ҳуқуқый ҳүжжетлерин усы бийликке муўапықластырсын.
- 4.
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги
(Ж.Уснатдинова), Финанс министрлиги (М.Содиқов) қайта шөлкемлестирилип атырған әпиўайы
түрдеги мектепке шекемги билимлендириў мəкемелериниң қәрежетлер сметасы ҳәм
штатлар кестесин қайта тастыйықласын.
- 5. Усы
бийликтиң орынланыўын қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси
Баслығының орынбасары М.Жумановқа жүкленсин.
Қарақалпақстан Республикасы
Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев