22.12.2024, Воскресенье

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МИНИСТРЛЕР КЕҢЕСИНИҢ БИЙЛИГИ


Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң 2018-жыл 5-июльдеги 01-01-05/1257-санлы, Төрткүл районы  ҳəкимлигиниң 2018-жыл 30-июндағы 02-01/723-санлы, Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң 2018-жыл 20-июльдағы 05/1499-санлы ҳәмде Финанс министрлигиниң 2018-жыл 24-июльдағы СМ/04-02/2062-санлы хатларына муўапық Төрткүл районы 1-санлы Республикалық ҳəм Нөкис қаласы 40-санлы көп тармақлы қəнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мəкемелерин əпиўайы түрдеги мəмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мəкемеси сыпатында қайта шөлкемлестириў хаққындағы усынысларын инабатқа алып:

1. Төрткүл районы 1-санлы Республикалық мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы әпиўайы түрдеги мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси етип ҳəмде Нөкис қаласы 40-санлы көп тармақлы қəнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мəкемесинде тәрбияланып атырған 36 аўыр ҳәм жеңил түрдеги нуқсаны болған балаларын 26-санлы көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине жайластырып, Нөкис қаласы 40-санлы əпиўайы түрдеги мектепке шекемги билимлендириў мəкемеси сыпатында қайта шөлкемлестириў хаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң 2018-жыл 5-июльдағы 01-01-05/1257-санлы хатына тийкар Төрткүл районы ҳəкимлигиниң 2018-жыл 30-майдағы 02-01/723-санлы, Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң 2018-жыл 20-июльдағы 05/1499-санлы ҳәмде Финанс министрлигиниң 2018-жыл 24-июльдағы СМ/04-02/2062-санлы усыныслары мақуллансын.

2. Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри (Ж.Уснатдинова)не, Төрткүл районы ҳәкими (Н.Худайбергенов)не, Нөкис қаласы ҳәкими (П.Турешов)не Төрткүл районы 1-санлы Республикалық мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде тәрбияланып атырған нуқсаны болған балаларды районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы 6-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине көширип, районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы әпиўайы түрдеги мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси етип қайта шөлкемлестириў;

Нөкис қаласы 40-санлы көп тармақлы қəнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мəкемесинде тәрбияланып атырған нуқсаны болған балаларды 26-санлы көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине көширип, Нөкис қаласы 40-санлы əпиўайы түрдеги мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси етип қайта шөлкемлестирип, қуўатлылығын инабатқа алып, аймақтағы мектепке шекемги жастағы балаларды қамтып алыў;

қайта шөлкемлестирилип атырған əпиўайы түрдеги мəмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мəкемелери ҳүжжетлерин тийисли тəртипте рəсмийлестириў тапсырылсын.

      3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2016-жыл 

      4-марттағы 44-б-санлы бийлигинде көрсетилген “Нөкис қаласы 40-санлы көп тармақлы қəнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мəкемеси” атамасы “Нөкис қаласы 40-санлы əпиўайы түрдеги мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси” деп оқылсын.

      • тийисли министрлик ҳәм мәкемелер өзлери қабыл қылған норматив-ҳуқуқый ҳүжжетлерин усы бийликке муўапықластырсын.
      • 4. Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги (Ж.Уснатдинова), Финанс министрлиги (М.Содиқов) қайта шөлкемлестирилип атырған әпиўайы түрдеги мектепке шекемги билимлендириў мəкемелериниң қәрежетлер сметасы ҳәм штатлар кестесин қайта тастыйықласын.
      • 5. Усы бийликтиң орынланыўын қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жумановқа жүкленсин.
      •  

                     

      Қарақалпақстан Республикасы

      Министрлер Кеңесиниң Баслығы                                          Қ.Сариев