21.12.2024, Шемби

«Жаңа Мойнақ ¬-жаңа имканиятлар» – 79 миллион АҚШ Долларлық 3 меморандумға қол қойылды


Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзийоевтиң усы жылдың л5-л6-ноябрь күнлери Қарақалпақстанға сапары даўамында берилген тапсырмалары менен кеңейтилген түрде өткерилген мәжилис баяны тапсырмаларының  орынланыўын тәмийинлеў бойынша Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен усы жылдың л5-л6-декабрь күнлери республикамызда «Жаңа Мойнақ – жаңа имканиятлар» атамасында биринши инвестициялық бизнес форумы болып өтти. 

Оған 30 дан аслам сырт ел инвесторлары,  50 ге шамалас Өзбекстандағы турстлик компаниялардың ўәкиллери,  л44 республикамыздың исбилерменлери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Форумның биринши күни Нөкис қаласы Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы кеңесиниң үлкен мәжилислер залында «Жаңа Мойнақ – жаңа имканиятлар»  темасындағы инвестициялық бизнес форумының ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев,  Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын раўажландырыўда нызамшылықтың орынланыўы үстинен қадағалаў басқармасының баслығы Б.Наўрызбаев,  Мойнақ районы ҳәкими С.Дәнияров ҳәм тийисли тараў ўәкиллери Республикамыздың,  соның ишинде,  Мойнақ районының социаллық-економикалық,  саўда,  инвестициялық ҳәм туризм потенциалы ҳаққында шығып сөйледи. Сондай-ақ,  мийманлар усы бағдардағы көрсеткишлер менен таныстырылды.

Күнниң екинши ярымында «Б2Г» ҳәм «Б2Б» формасындағы кооперациялық биржа ҳәм форум жуўмақлары бойынша ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен брифинг шөлкемлестирилип,  мийманлар И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиндеги бийбаҳа експонатлар менен танысты.

¬ – Мойнақ районына потенциаллы инвесторларды тартыў арқалы өндирис кәрханаларын шөлкемлестириў,  жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде шөлкемлестирилип атырған усы инвестициялық бизнес форум шеңберинде қатнасыўшыларды районның инвестициялық ҳәм туристлик потенциалы,  районда енгизилген салық жеңилликлери,  «Мойнақ» киши санаат зонасы,  районда жайласқан туристлик обектлер менен бар инфраструктуралар,  20л9-жылда туризмди раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша мағлыўматлар берилди. Бул өз гезегинде сырт елли инвесторлардың елимизге деген қызығыўшылығын,  республикамыздың түрли тараўларына инвестиция киргизиўине исенемиз, -дейди Қарақалпақстан Республикасы Туризмди раўажландырыў басқармасының баслығы Б.Қосекеев.

Илаждың екинши күнинде бизнес форум қатнасыўшылары  Мойнақ районындағы Екология музейинде,  Корабллер қойымшылығы ҳәм район аймағындағы дыққатқа ылайықлы басқа орынларда болды.

Форум жуўмағында Мойнақ районы ҳәкимлиги ҳәм сырт ел инвесторлары арасында улыўма баҳасы 79 миллион АҚШ долларына тең болған түрли тараўларда 3 меморандумға қол қойылды.

¬ Мойнақта қуяш електростанциясын қурыў мақсетинде 30 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизип атырмыз. Бул бойынша «Өзбекенерго» менен де өз ара шәртнама дүздик. Әлбетте,  жумысларымыз сәтине түсип кетсе,  республикаңызда енергия ресурсларынан нәтийжели ҳәм тежемли пайдаланыўда,  економикалық потенциалдың артыўына өзиниң унамлы тәсирин тийгизетуғынлығына исенемен, -дейди  «Граесс Енергй УЗДЕ» қоспа кәрханасы директоры,  жаңа зеландиялы инвесторы Тони Ўодс.

Жақында ғана Арал теңизи өзиниң көплеген тәбийғый байлықлары менен даңқ таратқан еди. Ал,  Аралбойы аймағы гүлленген ҳәм биологиялық жақтан бай тәбийғый орталық болып есапланар еди. Президентимиздиң тиккелей басламасы менен Арал теңизиниң қурыўының унамсыз ақыбетлерин сапластырыў,  аймақты еле де раўажландырыў,  тәбийғый орталықты сақлап қалыў ҳәм басқа да машқалалардың нәтийжели шешиўдиң анық белгиленген илажларын қамтыған бир қатар комплексли бағдарламалар қабыл етилди. Әлбетте,  бул келешекте елимиздиң гүллеп-раўажланыўына унамлы тәсирин тийгизетуғынлығына исенемиз.