21.12.2024, Шемби

Өзбекстан – Қытай бизнес-форумы: бирге ислесиўдиң дәслепки басқышы 25.10.2018


Нөкисте Өзбекстан – Қытай бизнес-форумы болып өтти.

Өзбекстан Республикасының Қытай Халық Республикасындағы елшиханасының басламасында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети,  Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте шөлкемлестирилген илажға қала ҳәм район ҳәкимлериниң орынбасарлары, исбилерменлер, Қытайдың жетекши компанияларының ўәкиллери қатнасты.

Форумда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасының Қытай Халық Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Б.Саидов, Өзбекстан Республикасы Президенти администрациясының хызметкери Ш.Абдуллаев, Қытайдың «Lanko Miya» компаниясының ўәкили Джоу Хайгао, «CNBM Group» компаниясының жойбар директоры Као Юбо шығып сөйлеп, мәмлекетлеримиз арасында саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды беккемлеў жолында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни Қытай елимиз экономикасына ең көп инвестиция киргизип атырған мәмлекетлерден бири болып табылады. Уллы жипек жолының қайта тиклениўи деп баҳаланып атырған «Бир мәкан, бир жол» жойбары мәмлекетлеримиз арасындағы ҳәр тәреплеме бирге ислесиў потенциалын арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта.Бир ғана мысал, республикамыздағы ең ири санаат кәрханаларынан есапланған Қоңырат сода заводы қурылысында қытай компанияларының белсене қатнасқанлығын айрықша атап өтиў керек. Бүгинги күни Қытай инвестицияларының қатнасында республикамызда 39 кәрхана жумыс алып барып атырған болса, олардың сыртқы саўда айланысы 124,3 миллион АҚШ долларын қурайды. Егерде өткен жылы усы мәмлекет исбилерменлериниң қатнасында 8 кәрхана дүзилген болса, бүгинги күнге олардың саны еки есеге көбейди. Олар тәрепинен киргизилген инвестициялардың көлеми 9,1 миллион АҚШ долларын қурап,  өткен жылға салыстырғанда дерлик бес есеге өсти. Республикамыз исбилерменлериниң Қытай Халық Республикасына төрт мәрте сапары шөлкемлестирилип, оның шеңберинде усы мәмлекеттиң жетекши компаниялары менен биргеликте бир қатар жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Соның менен бирге, 12 жойбар Қытайдың тиккелей инвестицияларының қатнасында әмелге асырылып атырған болса, 20 қоспа кәрхана дизимнен өткен. Елимизде шет елли инвесторларға жаратылған шараятларды есапқа алатуғын болсақ, әлбетте, бул көрсеткишлер аз. Бүгинги форум бирге ислесиўди раўажландырыўда дәслепки басқыш болып хызмет етеди.

Атап айтқанда, «Нөкис-фарм» еркин экономикалық зонасында, 7 киши санаат зонасындағы инвесторларға бир қатар жеңилликлер берилмекте. Республикамызда қурылыс материалларын, целлюлоза ҳәм қағаз, дәрилик өсимликлерди қайта ислеў ҳәм  фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў, аўыл хожалық өнимлерин қайта ислеў, пахтадан таяр текстиль өнимлерин ислеп шығарыў, шарўашылық ҳәм балықшылықты раўажландырыў, туризм потенциалын кеңейтиў, киши мийманханаларды қурыў жойбарларын әмелге асырыў ушын кең имканиятлар бар.

–  Сырт ел инвесторларының белсене ҳәм еркин жумыс алып барыўында сол мәмлекеттеги тыныш-татыўлық, турақлы раўажланыў, ен баслысы, оларға жаратылған имканиятлар  айрықша әҳмийетке ийе, – дейди «Lanko Miya» компаниясының ўәкили Джоу Хайгао.-Усы көз қарастан қарағанда, форумда қатнасып атырған жерлеслериме Өзбекстанда, соның ишинде, Қарақалпақстанда бундай имканият жоқары екенлигин атап өтпекшимен.

Мине 2005-жылдан берли Қарақалпақстанда жумыс алып барып атырмыз. Шымбай районындағы «Ланэкстракт» ҳәм Кегейли районындағы «Ланкомия» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери қоспа кәрханаларында 500 ден аслам жумыс орны жаратылды. Өнимлеримиз тийкарынан шет еллерге экспорт етилмекте. Келешекте аўыл хожалығы тараўында да жаңа жойбарларды әмелге асырыўды нийет етип отырмыз. Соны қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен, бүгинги күни Қытай менен бирге ислесиў жәҳән базарына кең жол болса, ал, Өзбекстан дүнья жүзи исбилерменлериниң арзыў-әрманындағы мәмлекетке айланбақта.

Форумда мийманларға республикамыздың инвестициялық потенциалы, сырт ел инвесторларына жаратылған шараятлар бойынша кең түрде түсиник берилди.

– Быйылғы жылы Қытайдың Хунан провинциясында болып, «Хунан медикал триуф» компаниясы менен бирге ислесиў бойынша келисимге еристик,-дейди «Қоңырат агро солод систем» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Замира Хожаметова. – Усы келисимге муўапық бүгинги күнге 47 мың АҚШ доллары муғдарындағы өним экспортқа шығарылды. Бул илаж исбилерменлер арасындағы өз-ара байланысларды буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.

Форум соңында шет елли шериклеслер менен табыслы бирге ислесип атырған қала ҳәм район ҳәкимлериниң орынбасарларына, бир топар исбилерменлерге шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды. Усы жердиң өзинде Тахтакөпир ҳәм Тақыятас районлары ҳәкимликлери менен Қытайдың жетекши компаниялары арасында бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойылды.