Жалменов Улықбек Абылаевич |
Қарақалпақстан Республикасы
кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы
|
|
Mәнзил: |
230103, Нөкис қаласы, Әмир Темур көшеси 120-жай |
|
Teлефон: Исеним Tелефон: |
0(361) 222-97-16 0(361) 222-68-63 |
|
E-mail: |
kkresprof@exat.uz |
|
Қабыллаў күнлери: |
Сәршемби,
Жума 11:00-16:00 |
Данияров
Муратбай Қуанышбаевич |
Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик аўқамлары
шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығының орынбасары
|
|
Mанзил: |
230103, Нөкис қаласы, Әмир Темур көшеси 120-жай |
|
Teлефон: Исеним Tелефон: |
0(361) 222-97-16 0(361) 222-68-63 |
|
E-mail: |
kkresprof@exat.uz |
|
Қабыллаў күнлери: |
Сийшемби, Сәршемби, жума 10:00-15:00 |
Қарақалпақстан
Республикасы кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң Функциялық ўазыйпалары:
Қарақалпақстан
Республикасы кәсиплик аўқам шөлкемлери бирлеспеси кеңеси баслығы төмендеги
ўазыйпаларды орынлайды:
-бирлеспе конференциясы, Кеңеси, Президиумы ҳәм
жоқарғы шөлкемлер қарарларының орынланыўын шөлкемлестиреди, усы мақсетте
төменги шөлкемлердиң жумыс ҳәрекетин муўапықластырады;
-бирлеспе Кеңеси, Президиумы, аппарат мәжлислерин алып барады, усы
мәжилислер қарарларына қол қояды;
-бирлеспе жумысына басшылық етеди, бирлеспе атынан исеним хатысыз жумыс
алып барады;
-сайланатуғын, тастыйықланатуғын басшы кадрларды
үйрениў, таңлаў, таярлаў, орны-орнына қойыў ҳәм олардың жумыслары бойынша усыныслар таярлаў мәселесинде
басшылық етеди;
-бирлеспе
кеңеси аппараты лаўазымларына кадрларды таңлайды ҳәм лаўазымға тастыйықлайды,
тараўлық кәсиплик аўқамлары Республикалық Кеңеслериниң жуўаплы
шөлкемлестириўшилери, қалалық, районлық кеңес баслықлығына кандидатураларды
сәўбеттен өткереди;
-баслық
лаўазымларға кадрлар резервин қәлиплестиреди, оларды басқышпа-басқыш лаўазымға
таярлаў жумысларын қадағалайды;
-вакант орынларға кадрларды таңлаўға басшылық етеди;
-қаржы ҳүжжетлерине қол қояды ;
-шөлкемлестириў жумыслары, юридикалық, қаржы бөлимлери
ислер басқармасы жумысларына басшылық етеди;
-тараўлық
кәсиплик аўқамлары Республикалық Кеңеслериниң жуўаплы шөлкемлестириўшилериниң жумысларын шөлкемлестириўге басшылық етеди;
-кәсиплик аўқамлары районлық, қалалық кеңеслери,
басланғыш шөлкемлеринде кадрларды таңлаў, орын-орынына қойыўда кадрлар сиясатын
алып барады;
-Қарақалпақстан
Республикасы кәсиплик аўқам шөлкемлеринде
кадрлар менен ислеў системасын раўажландырыўға басшылық етеди;
-Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик
аўқам шөлкемлери бирлеспесине қараслы балалар дем алыс орайларының
жумысларын шөлкемлестириў, методикалық жәрдем бериў, материаллық-техникалық
базасын беккемлеў бойынша алып барылатуғын жумысларды қадағалайды;
-бирлеспениң басшысы болады ҳәм соның менен бир ўақытта Қарақалпақстан
Республикасы кәсиплик аўқамлары
шөлкемлери бирлеспеси
Кеңеси, Президиумы ағзасы ҳәм
Кеңес баслығы болып есапланады ҳәм бес жыл мүддетке сайланады;
-бирлеспениң
сайланба органлары жумысына басшылық етеди;
-бирлеспе
Кеңеси Президиумы белгилеген пул қаржыларын басқарады;
-бирлеспе
кеңеси аппараты хызметкерлери менен мийнет шәртнамасын дүзеди (бийкар етеди),
хызметкерлердиң хызмет ўазыйпаларын тастыйықлайды;
-бирлеспе кеңеси жумысы менен байланыслы бийликлер шығарады;
-кәсиплик аўқамы ҳәм социаллық қамсызландырыў бюджети қаржылары бойынша
кредит басқарыўшысы болып есапланады ҳәм олардың мақсетли сарыпланыўы ушын
жеке жуўапкер болып табылады.
Бирлеспе баслығы төмендеги мәселелер
бойынша бирлеспе кеңеси аппараты, ағза шөлкемлердиң жумысларын шөлкемлестиреди,
белгиленген ўазыйпалардың тез пәт пенен шешилиўин тәмийинлейди ҳәм нәтийжеси
ушын жеке жуўап береди:
-республикада әмелге асырылып атырған улыўма мәмлекетлик мәплерге байланыслы
жумысларда, ислеп шығарыў ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыўда
қатнасады;
-мийнеткешлер
ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын саўалландырыў бойынша жумысларды алып барыў ҳәм
де усы мақсетте Өзбекистан кәсиплик аўқамлары Федерациясы кеңесине кәсиплик аўқамы ағзалық төлемлери қаржыларының толық ҳәм өз ўақтында өткизилиўин тәмийинлеўди қадағалайды;
-аймақта социаллық-экономикалық бағдарламаларды раўажландырыў ҳәм әмелге асырыўда кәсиплик
аўқамларының қатнасыўын тәмийинлеўге қаратылған ис-иләжларды әмелге асырыўға
басшылық етеди;
-бирлеспениң
сайланба органлары оған ўәкиллик берген басқа ўазыйпаларды орынлайды.
Бирлеспе Кеңеси
аппаратына улыўма басшылық, шөлкемлестириў жумыслары, юридикалық, қаржы бөлимлери ҳәм
ислер басқармасы, кадрлар, кәсиплик аўқамлары бирлеспеси кеңеси қаржысын
ҳәм мүлкин басқарыў мәселелери, ден-саўлықты сақлаў, тутыныў товарларын ислеп
шығарыў, саўда ҳәм хызмет көрсетиў шөлкемлери
үстинен кураторлық етеди. Мәмлекетлик
бағдарламалар ҳәм Республикалық комиссиялар жумысларына
қатнасыў. Мәмлекетлик емес, жәмийетлик шөлкемлер менен байланысты тәмийинлейди.
Қарақалпақстан
Республикасы кәсиплик аўқам шөлкемлери бирлеспеси кеңеси баслығы орынбасары
төмендеги ўазыйпаларды орынлайды:
-Бирлеспе
аппараты бөлимлериниң жумысларын шөлкемлестириў,
жобаластырыў,
олар арасында хызмет мүнәсибетлери ҳәм де мийнет тәртибин қатаң жолға қойыў;
-тараўлық
кәсиплик аўқамлары Республикалық Кеңеслери бойынша жуўаплы
шөлкемлестириўшилери, районлык, қалалық кеңеслери структураларының жумысларын
муўапықластырыў, системада Устав тәртип-қағыйдаларына әмел етилиўин тәмийинлеў,
басшы ҳәм атқарыўшы органлар тәрепинен қабыл етилген қарарлардың орынланыўын
шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў;
-бирлеспе
атынан түрли кәрхана, мекеме ҳәм шөлкемлерге мүрәжәәт етиў, өз-ара
байланысларды шөлкемлестириў, бирлеспе атынан өз ўәкиллиги шеңберинде ис көриў;
-бирлеспеде
тәртип-интизамды қадағалаў, жоқары шөлкемлерден келетуғын
тапсырмалардың өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў;
-бирлеспе
кеңесиниң ис жобаларының ислеп шығылыўын шөлкемлестириў;
-бирлеспе тәрепинен өткерилетуғын конференция,
кеңес, Президиум мәжилислерин
шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў;
-бирлеспе кеңеси ағзалары ҳәм кәсиплик аўқам
белсендилеринен ўақтыншалық комиссиялар, исши топарларын дүзип, олардың
жумысларын муўапықластырыў;
-кәсиплик
аўқамлары жумысы бойынша
көрсетпелер, усыныслар ҳәм
методикалық қолланбаларды баспадан шығарыў бойынша усыныслар таярланыўын қадағалаўды әмелге асырады.
Бирлеспе
баслығының орынбасары бирлеспе кеңеси мийнеткешлердиң социал-экономикалық
мәплерин қорғаў, мийнетти қорғаў, мәденият ҳәм спорт жумыслары, социаллық
қамсызландырыў бөлимлери
жумысларын муўапықластырады;
-мийнет, жумыс
пенен бәнтлик, турмыс,
саўаландырыў, мәденият ҳәм спорт, сон дай-ақ басқа мәселелер бойынша тийисли
мәкемелерге усыныслар киргизеди;
-жоқары
ҳәм орта арнаўлы оқыў орынлары питкериўшилерин жумысқа орналастырыў бойынша кәсиплик аўқамлары
шөлкемлери жумысларын муўапықластырыў;
-“Устаз-шәкирт”
бағдарламалары тийкарында колледж оқыўшы жасларының әмелият өтеўлери ушын
шараятлар жаратыўға басшылық етеди;
-жаңа
жумыс орынларын жаратыў, касанашы тийкарында халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде
кәсиплик аўқамлары жумысларын муўапықластырады;
-зәрүр
жағдайларда қәнигелерди кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаўды жумыс бериўшилер
яғный тийисли мәкемелер басшылығынан талап етеди;
-халықтың
түрли топарлары ҳәм қатламларының турмыс дәрежесин үйрениў, халық дәраматы,
халық тутыныў товарлары ҳәм хызметлер баҳасының өсиў индекси қатнасын тәртипке
салыў бойынша усыныслар таярлаўда қатнасады;
-аймақта
әмелге асырылып атырған улыўма мәмлекетлик мәплерге байланыслы жумысларда,
ислеп шығарыў ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыўда қатнасады;
-белгиленген тәртипте жәмәәтлик келисимлердиң жойбарларын экспертизадан
өткереди;
-ағза
шөлкемлерге жәмәәтлик шәртнамалардың жойбарларын экспертизадан өткериўде әмелий
жәрдем көрсетеди;
-кәсиплик
аўқамлары шөлкемлерине методикалық, шөлкемлестириў, консультатив, ҳуқуқый
жәрдем көрсетиў, кәсиплик аўқам хызметкерлери ҳәм белсендилерин оқытыў
бойынша жумысларды алып барады ;
-улыўма
мақсетлер жолында тараўлық кәсиплик аўқамлары республикалық кеңеслери менен
бирге ислеседи;
-Республика
ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары арқалы кең жәмәәтшиликке кәсиплик
аўқам жумысларын сәўлелендирип барыўға басшылық етеди;
-Өзбекистан
кәсиплик аўқамлары Федерациясы кеңеси тәрепинен талап етилип атырған мағлыўматлар
ҳәм есабатлардың ўақтында орынланыўын ҳәм берилиўин қадағалайды;
-бирлеспе
Кеңеси ағзалары ҳәм кәсиплик аўқам белсендилеринен ўақытшалық комиссиялар, исши
топарлар дүзиў бойынша усыныслар киргизеди;
-бирлеспе
Кеңесиниң мәжлислер аралығындағы жумысы ҳаққындағы мағлыўматларды
улыўмаластырады;
-социаллық
шерикшиликти шөлкемлестириў бойынша мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлери менен
бирге ислесиў мәселелерине басшылық етеди;
-бирлеспениң
сайланба органлары оған ҳуқықын берген басқа ўазыйпаларды орынлайды.
Бирлеспе
Кеңеси аппаратында мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық мәплерин қорғаў,
мийнетти қорғаў, мәдений-ағартыўшылық ҳәм спорт жумыслары ҳәм
социаллық-қамсызландырыў бөлимлери, агросанаат комплекси, билимлендириў, илим ҳәм мәденият, мәмлекетлик
мекемелер ҳәм жәмийетлик хызмет көрсетиў шөлкемлери үстинен кураторлық
етеди. Ишки мийнет тәртибин тәмийинлеў,
жазғы балаларды саўаландырыў жумысларында қадағалаў алып барады.
Бирлеспе Кеңеси баслығы болмаған ўақытларда оның ўазыйпаларын
орынлайды.