Ҳуқық
қорғаў уйымларының хызмети, мобилизация ҳәм айрықша жағдайлар мәселелери
бойынша топардың функциялық ўазыйпалары ҳаққында
1-бап. Улыўма
қағыйдалар
1. Усы Реже Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Ҳуқық қорғаў уйымларының хызмети, мобилизация ҳәм айрықша жағдайлар мәселелери бойынша топарының (кейинги орынларда топар деп аталады) функциялық ўазыйпаларын белгилейди.
2. Топар Министрлер Кеңесиниң функциялық қурамлық бөлими
болып табылады.
3. Топар өз жумысында Өзбекстан Республикасы менен
Қарақалпақстан Республикасының нызамларына, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис
палаталарының қарарларына, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманларына,
қарарлары менен бийликлерине, Министрлер Кабинетиниң қарарлары менен
бийликлерине, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қарарлары менен
басқа да ҳүжжетлерине, Министрлер Кеңесиниң қарарлары менен бийликлерине,
сондай-ақ, усы Режеге әмел етеди.
4. Топар өз жумысын Министрлер Кеңеси Баслығының
басшылығында әмелге асырады.
5. Топар өзине жүкленген ўазыйпалар менен функцияларды
орынлаўда Министрлер Кеңесиниң басқа да қурамлық бөлимлери, мәмлекетлик ҳәм
хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, басқа да
уйымлар ҳәм шөлкемлер менен өз-ара биргеликте әмелге асырады.
2-бап. Топардың
ўазыйпалары ҳәм функциялары
6. Төмендегилер топардың тийкарғы ўазыйпалары болып
табылады:
өзине жүкленген ўазыйпалар менен функцияларды орынлаў
шеңберинде Министрлер Кеңеси баслығының жумысларын шөлкемлестириў;
Министрлер Кеңесине киргизилген усыныслардың ҳәм топар
тараўына киретуғын мәселелер бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының ҳүжжетлери
жойбарлары көрип шығылыўын тәмийинлеў ҳәм қабыл етилген ҳүжжетлердиң
орынланыўын қадағалаў;
Министрлер Кеңесиниң Баслығы тәрепинен өкерилетуғын
мәжилислер, соның ишинде, ҳәр ҳәптелик аппарат мәжилислериниң ҳәм Министрлер
Кеңесиниң Баслығы басшылық ететуғын
комиссиялар мәжилислериниң материалларын таярлаў ҳәм оларда қабыл
етилген қарарлардың рәсмийлестирииўин тәмийинлеў;
a) ҳуқық қорғаў уйымлары хызмети тараўында:
ҳуқық бузарлықлар ҳәм жынаят ислеген шахслар менен ислесиў мәселелеринде ҳуқық қорғаў ҳәм мәмлекеттиң басқа да уйымлары және мәмлекетлик емес шөлкемлер менен бирге ислесиўди тәмийинлеў;
ҳуқық бузарлықлардың алдын алыў бойынша мәмлекетлик бағдарламалардың
таярланыўын ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлеў;
ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша аймақлық
бағдарламалардың ислеп шығылыўын, тастыйықланыўын ҳәм әмелге асырылыўын
тәмийинлеў;
мәмлекетлик стратегиялық ҳәм мобилизация резервлерин
қәлиплестириўди, соның ишинде, оларды жыйнаўды, сақлаўды ҳәм жаңалап барыўды,
сондай-ақ, мәмлекетлик стратегия ҳәм мобилизация резервлеринен белгиленген
тәртипте оперативлик пенен пайдаланыўға турақлы таяр болыўын тәмиўинлеў
жумысларын муўапықластырыў;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегараларын
делимитациялаў, демакратциялаў ҳәм редемаркациялаў, шегаралар жанындағы
машқалаларды шешиў, нолегал миграцияға қарсы гүресиў, республика аймағына
товарлар менен контрафакт өнимлерди нызамсыз алып кириў мәселелерине байланыслы
илажларды белгиленген тәртипте әмелге асырыў;
ғалабалық илажларды таярлаўда ҳәм шөлкемлестириўде
қәўипсизлик мәселелерин муўапықластырыў,
ғалабалық илажларды өткериўдиң белгиленген тәртибине әмел етиў бойынша
қадағалаўды тәмийинлеў;
б)
мобилизация ҳәм айрықша жағдайлар тараўында:
қорғаныў
қүдиретин тәмийинлеў, әскерий хызметке мәжбүр шахсларды есапқа алыў илажларын
әмелге асырыў, бронға қойыў мәселелери бойынша мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў
уйымларының аймақлық бөлимлери жумысын муўпықластырады;
айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм олардың ақыбетлерин
сапластырыў, тәбийғый апатлар, эпидемемиялар ҳәм басқа да жағдайларда тийисли
органлардың жумысларын шөлкемлестиреди ҳәм муўапықластырады;
Миистрлер Кеңесиниң Баслығы тәрепинен өткерилетуғын
мобилизациялық ҳәм айрықша жағдайлар мәселелери бойынша мәжилислердиң күн
тәртиби жойбарларын қәлиплестиреди, Министрлер Кеңесиниң Баслығына
тастыйықлатады ҳәм тийисли ҳүжжетлердиң таярланыўын тәмийинлейди;
Министрлер Кеңеси Баслығы тәрепинен өткерилетуғын мобилизациялық
ҳәм айрықша жағдайлар мәселелери бойынша мәжилислерди шөлкемлестиреди,
тапсырмаларды улыўмаластырады, олардың орынланыўын қадағалайды ҳәм орынланыў
және нәтийжелер ҳаққында Министрлер Кеңеси Баслығын белгиленген мүддетлерде
хабардар етеди;
Топар мобилизациялық
ҳәм айрықша жағдайлар мәселелерине байланыслы қарарлар, бийликлер ҳәм басқа да
ҳүжжетлер жойбарларын таярлайды;
мобилизациялық ҳәм айрықша жағдайлар мәселелерине
байланыслы илажларды ҳәм қадағалаў режелерин ислеп шығады;
Министрлер Кеңесиниң мобилизация ҳәм айрықша жағдайлар
мәселелери бойынша ис режесин ислеп шығады ҳәм әмелге асырады;
мобилизация ҳәм айрықша жағдайлар мәселелери топары
ҳаққындағы Режеге ҳәм Министрлер Кеңесиниң қарарларына муўапық басқа да
ўәкилликлерди әмелге асырады.
7. Топар өзине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын
төмендеги функцияларды әмелге асырады:
Өзбекстан Республикасы менен Қарақалпақстан Республикасының
Конституциялары ҳәм нызамлары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис палаталарының
қарарлары, Президент ҳүжжетлери менен
тапсырмалары, Министрлер Кабинетиниң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы
Кеңесиниң, Министрлер Кеңеси Баслығының қарарлары ҳәм тапсырмалары менен
Топарға жүкленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша анық илажларды ислеп шығады ҳәм
әмелге асырады;
топарға байланыслы тапсырмалар бойынша тийисли
шөлкемлестириўшилик, мағлыўматнама, статистикалық материаллар менен усынысларды
улыўмаластырады ҳәм таярлайды;
Өзбекстан Республикасы Президенти Аппаратына, Өзбекстан
Республикасы Олий Мажлиси палаталарына, Өзбекстан Республикасы Министрлер
Кабинети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине көрип шығыў ушын
киргизилетуғын, сондай-ақ, Министрлер Кеңеси Баслығы тәрепинен қабыл етилетуғын
тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳәм басқа да ҳүжжетлер жойбарларын таярлайды;
топарға тийисли
тапсырмалардың орынланыўы бойынша системалы қадағалаўды шөлкемлестиреди,
олардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли шөлкемлестириў илажлары менен
қадағалаў режелерин ислеп шығады;
машқалалы мәселелерди шешиў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы,
сондай-ақ, топарға тийисли тараўларды раўажландырыўдың перспективалы
ўазыйпаларын әмелге асырыў бойынша усыныслар менен анық илажларды ислеп шығады
ҳәм Министрлер Кеңеси Баслығына усыныс етеди;
мәмлекетлик бағдарламалардың әмелге асырылыўы, топарға
тийисли тапсырмалардың орынланыўы бойынша тийисли структураланған мағлыўматлар
базасын қәлиплестиреди ҳәм алып барады;
Министрлер Кеңеси Баслығының қатнасыўында өткерилетуғын
мәжилислердиң өткерилиўин тәмийинлейди ҳәм жуўапкерлерди тартқан ҳалда жумысларды
муўапықластырады;
физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын «Физикалық
ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы менен
Қарақалпақстан Республикасының Нызамларына муўапық көрип шығады;
Министрлер Кеңесиниң жумысы ҳаққында жәмийетшиликти
белгиленген тәртипте хабардар етиўди шөлкемлестиреди;
мәмлекетлик сыр болған мағлыўматлар яки нызам менен
қорғалатуғын басқа да мәлимлемелердиң қорғалыўын тәмийинлейди;
топарда атқарыў тәртибин беккемлеў илажларын әмелге
асырады.
Топар нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да функцияларды
орынлайды.
3-бап Топардың
ҳуқықлары ҳәм жуўапкершилиги
8. Топар өзине жүкленген
ўазыйпалар менен функцияларды орынлаў ушын төмендеги ҳуқықларға ийе:
Министрлер Кеңесинде көрип шығылатуғын мәселелерди талқылаў
ҳәм ислеп шығыў ушын топарға нызам ҳүжжетлеринде белгиленген зәрүр болған
материалллар менен мағлыўматларды мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының
аймақлық бөлимлеринен, районлар ҳәм қалалар ҳәкимликлеринен, басқа да
шөлкемлерден, Министрлер Кеңесиниң тийисли қурамлық бөлимлеринен белгиленген
тәртипте сорап алыў;
зәрүрлик болғанда, топарда көрип шығылатуғын мәселелерди
ислеп шығыў, мәлимлеме ҳәм талқыланған материаллларды, сондай-ақ, Министрлер
Кеңеси Баслығының ҳүжжетлери жойбарларын таярлаў ушын мәмлекетлик ҳәм хожалық
басқарыў уйымларының аймақлық бөлимлери, районлар ҳәм қалалар ҳәкимликлериниң
басшылары менен хызметкерлерин, Министрлер Кеңесиниң тийисли комплекслерин,
басқармалар менен топарлардың хызметкерлерин мирәт етиў, тартыў ҳәм усы
мақсетлер ушын ўақтынша эксперт топарларын шөлкемлестириў;
мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының аймақлық
бөлимлери, районлар менен қалалар ҳәкимликлери, басқа да шөлкемлер, Министрлер
Кеңесиниң тийисли қурамлық бөлимлерине оперативлик пенен шешиўди талап ететуғын
және топарға жүкленген ўазыйпалар менен функцияларды орынлаўға байланыслы
болған мәселелер бойынша белгиленген тәртипте тапсырмалар бериў;
мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының аймақлық
бөлимлеринде, районлар ҳәм қалалар ҳәкимликлеринде, басқа да шөлкемлерде,
Қарақалпақстан Рспубликасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси тәрепинен
қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң орынланыўы бойынша
жумысларды белгиленген тәртипте үйрениў.
9. Топардың жуўапкершилиги:
өзине жүкленен ўазыйпалар менен функциялардың сапалы ҳәм өз
ўақтында орынланыўы;
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары қарарлары,
Өзбекстан Республикасы Президенти, Министрлер Кабинети, Қарақалпақстан
Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң ҳүжжетлери менен
тапсырмаларына муўапық топарға тийисли усыныслар ҳүжжетлер жойбарларының талап
дәрежесинде ҳәм өз ўақтында таярланыўына;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен
Министрлер Кеңесине, яғный, топарға жүкленген ўазыйпалар бойынша киргизилетуғын
усыныслар менен ҳүжжетлердиң сапалы ҳәм өз ўақтында көрип шығылыўының
шөлкемлестирилиўи, олардың экономикалық, қаржы ҳәм ҳуқықый экспертизадан
өткерилиўине, сондай-ақ, тийкарланған шешимлердиң таярланыўына;
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына, Өзбекстан
Республикасы Президенти Аппаратына, Министрлер Кабинетине, Қарақалпақстан
Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесине көрип шығыў ушын
киргизилетуғын ҳүжжетлер менен усыныслардың жойбарларын ислеп шығылыўын ҳәм әмелге
асырылыўын қадағалаў;
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Атқарыў
тәртибин беккемлеў ҳаққында»ғы 1999-жыл 12-январьдағы 12-санлы қарарына муўапық
атқарыў тәртибиниң тәмийинлениўине;
Өзбекстан Республикасы менен Қарақалпақстан Республикасының
нызамлары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қарарлары,
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманлары, қарарлары, бийликлери ҳәм
тапсырмалары, Министрлер Кабинетиниң қарарлары, бийликлериҳәм тапсырмалары,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң қарарлары
менен тапсырмаларының топарға тиккелей тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да
шөлкемлер тәрепинен орынланыў жағдайының өз ўақтында үйренилиўи ушын жуўап
береди.
4-бап. Топардың
структурасы
10. Топардың структурасына топар
басшысы, бас қәниге ҳәм жетекши қәниге киреди.
Топардың структурасы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы
Кеңеси тәрепинен тастыйықланады.
11. Топардың жумысы усы Режеге муўапық шөлкемлестириледи.
12. Топар өз жумысында Министрлер Кеңесиниң Баслығына
бойсынады.
13. Топар басшысы Министрлер Кеңеси Баслығының қарары менен
лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымнан азат етиледи.
14. Топар хызметкерлери Министрлер Кеңеси Баслығының қарары
менен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымнан азат етиледи.
15. Топар режеси Министрлер Кеңеси Баслығының қарары менен
тастыйықланады.
16. топар хызметкерлериниң функциялық ўазыйпалары
Министрлер Кеңесиниң Баслығы тәрепинен тастыйықланады.
5-бап. Топардың
жумысын шөлкемлестириў
17. Топар ислери Өзбекстан Республикасы
менен Қарақалпақстан Республикасының Конституцияларына ҳәм басқа да
нызамларына, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қарарларына,
Президент ҳүжжетлери менен тапсырмаларына, Министрлер Кабинетиниң қарарларына,
бийликлери менен тапсырмаларына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
менен Министрлер Кеңесиниң қарарлары менен тапсырмаларына муўапық, сондай-ақ,
Министрлер Кеңесиниң ис режелери тийкарында шөлкемлестириледи.
18. Топар өз жумысын ярым жыллық ҳәм жыллық ис режелери тийкарында
алып барады.
19. Топарда ҳәр ҳәптеде мәжилислер өткерилип, берилген
тапсырмалардың, режелердиң орынланыўы қадағаланып, жаңа ҳәптеге мөлшерленген
жумыслар ҳәм тапсырмалар белгилеп алынады.
20. Топарда жумыс алып барылыўы, ҳүжжетлердиң өтиўи топар қәнигелери
тәрепинен алып барылады ҳәм бул туўралы турақлы түрде Миистрлер Кеңесиниң
Баслығына мағлыўмат берип барылады.