Мәлимлеме
ҳәм талқылаў басқармасы
Мәлимлеме ҳәм талқылаў басқармасының функционал ўазыйпалары ҳаққындағы
Н Ы З A М
1-бап.
Улыўма қағыйдалар
1. Усы Қағыйда Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме ҳәм талқылаў басқармасының функционал ўазыйпаларын белгилейди.
2.
Мәлимлеме ҳәм талқылаў басқармасы
(кейиңги орынларда басқарма деп аталады) Министрлер Кеңесиниң функционал структуралық бөлими есапланады.
3.
Басқарма өз искерлигинде Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Конститутсиялары ҳәм нызамларына,
Өзбекстан Республикасы Жоқары Жыйналысы палаталарының қарарларына ҳәм басқа ҳүжжетлерине, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳүкимлери, қарарлары ҳәм буйрықларына, Министрлер Мәкемесиниң қарарлары ҳәм буйрықларына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қарарлары ҳәм басқа ҳүжжетлерине,
Министрлер Кеңесиниң қарарлары ҳәм буйрықларына,
соның менен бирге, усы Қағыйдаға әмел етеди.
4.
Басқарма искерлиги әмелге асырылып атырған реформаларының мәлимлеме ҳәм талқылаў тәмийинлеўге,
экономика кеңселери ҳәм тараўдың басқарыў шөлкемлериниң экономикалық, тармақ ҳәм аймақлық раўажландырыўдың программалары стратегиясын ислеп шығыўдағы маәлимлеме-талқылаў ҳәм искерлигин муўапықластырыўға,
қысқа мүддетли дәўирде экономикалық және социал сиясат нәтийжелилигин асырыў бойынша усыныслар ҳәмде орта мүддетли ҳәм узақ мүддетли дәўирлерде экономикалық түпкиликли өзгерислер стратегиясының вариантлары бойынша анализлер өткериўде актив катнасыў етиўге жөнелтирилген.
2-бап.
Басқарманың ўазыйпалары
ҳәм функциялары
5.
Төмендегилер басқарманың тийкарғы ўазыйпалары есапланады:
экономикалық реформалардың әмелге асырылыўын және социал-
экономикалық жағдайның барлық жөнелислер бойынша микро дәрежеде, соның менен бирге,
тараўлар ҳәм аймақлар бойынша атап айтқанда қала ҳәм районлардағы атқарыў етиўши
ҳүкимет шөлкемлериниңин мәлимлеме-талықлаў ҳәм келешек искерлигин муўапықластырыў
тийкарында системалы ҳәм комплекс үйрениўди шөлкемлестириў;
економикалық жағдай және социал жағдайларды анализлеў,
мағлыўматлардың тийисли базаларын жаратыў, экономиканың сапа тәрепинен
өзгерислерин және оның раўажланыў тенденцияларын баҳалаў;
экономикалық және социал жағдай, экономикалық
реформалардың тармақлар ҳәм аймақлар бойынша барыўы, жекелестириў, структуралық
ҳәм институциональ қайта өзгертиўлер мәселелери бойынша анализ материаллар
таярлаў;
Қарақалпақстан Республикасы министрлик ҳәм басқармалары,
қала ҳәм район ҳәкимликлериниң экономикалық реформалардың барыўын анализ қылыў
ҳәм экономика тараў секторлары ҳәмде аймақларды раўажландырыўдың программаларын
ислеп шығыў мәселелериндеги искерлигин муўапықластырыў;
мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы шөлкемлери, соның менен
бирге, жергиликли атқарыўшы ҳүкимет шөлкемлери тәрепинен таярланатуғын ең
зәрүрли социал мәселелер бойынша мақсетли программалар ҳәм Қарақалпақстан
Республикасы Министрлер Кеңеси қарар, буйрық жойбарларын таярлаўда жәрдем
көрсетиў;
басқармаға тийисли аймақлар ҳәм тараўларда социал-экономикалық
түпкиликли өзгерислер әмелге асырылыўын шөлкемлестириў;
Министрлер Мәкемесиниң «Топланған информация анализ департаменти»
тәрепинен аймақларды социал-экономикалық раўажландырыў мақсетинде ислеп
шығылған комплекс программаларын таярлаўға көмеклесиў;
тараўлар ҳәм аймақлар бойынша социал-экономикалық
түпкиликли өзгерислер барыўын комплекс анализлеў, улыўмаластырыў ҳәм үзликсиз
түрде Министрлер Мәкемесине ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси
Баслығына мағлыўмат бериў;
Басқармаға тийисли Өзбекстан Республикасы ҳәм
Қарақалпақстан Республикасы нызамлары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң
Ҳүким, қарар ҳәм буйрықлары, Министрлер Мәкемесиниң қарар ҳәм буйрықлары,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қарар ҳәм басқа ҳүжжетлери,
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарар ҳәм буйрықлары, мәмлекетлик программалар
атқарыўын тәмийинлеўде тиккелей қатнасыў;
қала ҳәм районлар ҳәкимликлериниң тийисли хызметлерине
социал-экономикалық раўажланыў мәселелерине тийисли болған жөнелислерде мәсләҳәтлер
бериў, оларға әмелий жәрдем көрсетиў;
қала ҳәм район ҳәкимликлериниң социал-экономикалық
раўажландырыў, экономикалық реформаларды тереңлестириў, халықды социаллық
қорғаў шеңбериндеги жумысларының жағдайын үйрениў, анализ етиў, оларды
жеделлестириў ҳәм усыныслар ислеп шығыў;
қала ҳәм район ҳәкимликлерине тийисли кәрхана ҳәм
шөлкемлерден зәрүрий мағлыўматларды алыў, шерек, ярым жыллык, тоғыз айлық ҳәм
жыллық жыйналыс материалын таярлаў, жыйналысларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў
менен байланыслы барлық иләж ҳәм анализлерди ислеп шығып, көрип шығыў ушын
Министрлер Кеңеси Баслығына усыныслар киргизиў;
ҳәкимлик сааты жыйналысы күн режими жыйналысы
өткерилиўинде зәрүр материалларды таярлаў ҳәм ол жағдайда тиккелей актив қатнас
етиў;
ғалаба хабар қуралларында жақтыландырыў мақсетинде, мәлимлеме-талқылаў
материалларын таярлаў ҳәм ол жағдайда актив қатнасыў.
3-бап. Басқарманың ҳуқықлары ҳәм жуўапкерлиги
6. Басқарма төмендеги ҳуқық ҳәм миннетлемелерге ийе:
Мәлимлеме-талқылаў басқармасы ушын белгиленген ўазыйпалар
шеңберинде Министрлер Кеңесиниң секретариатлары, ҳуқық қорғаў уйымлары, киши
ҳәмелдар министрликлер, басқарма ҳәм кеңселерден, Орайлық банк Қарақалпақстан
Республикасы бас басқармасы ҳәм саўда банклерден, тийисли кәрхана ҳәм
шөлкемлерден, район (қала) ҳәкимликлерден зәрүр статистика ҳәм анализ мағлыўматларды
ҳәм социологик сораў жуўмақларын сораў ҳәм алыў;
мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы шөлкемлериниң тараўлар
ҳәм аймақларды раўажландырыўдың комплекс программаларын ислеп шығыў ҳәм усы
мәселелердеги мағлыўматларды муўапықластырыў;
басқармаға жүклетилген ўазыйпалар шеңберинде Министрлер
Кеңеси секретариатлары, басқарма ҳәм бөлимлеринен, министрликлер, басқармалар,
кәрханалар, шөлкемлер, аўқамлар, аймақлық басқарыў шөлкемлеринен, район (қала)
ҳәкимликлеринен тараўларда ҳәм аймақларда социал-экономикалық реформаларды
әмелге асырыў, қарарлардың ўақытында сапалы атқарылыўы бойынша оператив ҳәм
статистикалық информациялар сораў;
Министрлер Кеңесиниң тийисли хызметлериниң, қала ҳәм район
ҳәкимликлериниң экономикалық реформалардың нәтийжелерин анализлеў ҳәм
улыўмаластырыў, экономика тараўы, сектор ҳәмде аймақларды экономикалық
раўажландырыўдың стратегиясы ҳәм программаларын ислеп шығыў мәселелери бойынша
искерлигин муўапықластырыў;
қысқа мүддетли, орта мүддетли ҳәм узақ мүддетли келешекде
социал-экономикалық раўажландырыўдың стратегиясы бойынша усынысларды соның
менен бирге, тармақ ҳәм регионлық раўажландырыўдың программаларын ислеп шығыў
бойынша усыныслар таярлаў;
Қарақалпақстан Республикасы экономикасы тараўлары ҳәм
аймақларды социал-экономикалық раўажландырыўдағы тендецияларын
характеристикалайтуғын анализ материалларды Министрлер Кеңеси Топланған
мәлимлеме-талқылаў департаменти басшысы көрип шығыўы ушын таярлаў ҳәм усыныс
етиў;
зәрүр социал-экономикалық мәселелер бойынша Министрлер
Кеңеси қарар, буйрықлары, тармақ ҳәм аймақлық программалар проектлерин ислеп
шығыў;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ишки жумыс режимине сөзсиз әмел етиў;
басқармаға келген ҳүжжетлердиң белгиленген мүддетлерде
атқарылыўын тәмийинлеў.
4-бап. Басқарманың структурасы
7. Басқарма қурамына басқарма басшысы, бас, жетекши ҳәм еки
биринши категориялы қәнигеси киреди.
8. Басқарма басшысы Министрлер Кеңесиниң Баслығы шешими менен Министрлер Мәкемеси менен
келисген ҳалда, басқарма қәнигелери Министрлер Кеңесиниң Баслығы шешими менен лаўазымға тайынланады ҳәм
лаўазымдан азат етиледи.
5-бап. Басқарма искерлигин шөлкемлестириў
9. Басқарма искерлиги “Қарақалпақстан Республикасы
Министрлер Кеңеси ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамы, усы
Қағыйдаға, тастыйықланатуғын перспективалы ҳәм айлық жумыс жобалары ҳәмде
Министрлер Мәкемеси Топланған Мәлимлеме-талқылаў департаментиниң шереклик жумыс
жобаларына муўапық, соның менен бирге, Министрлер Кеңесиниң жумыс жобалары тийкарында шөлкемлестириледи.
10. Басқармада ҳәр ҳәптеде жыйналыслар өткерилип,
берилген тапсырмалар, жобалардың атқарылыўын қадағалаў, жаңа ҳәптеге
мөлшерленген жумыс ҳәм тапсырмалар белгилеп алынады.
11. Басқармада жумыс жүритилиўи, ҳүжжетлердиң айланыўы
басқарма қәнигелери тәрепинен алып барылады ҳәмде сол ҳаққында ҳәр айда
басқарма басшысына мағлыўмат берип барылады.
12. Басқарма басшысы:
Басқарма искерлигине улыўма басшылық етеди, кепиллигине
киретуғын мәселелер бойынша жөнелис ҳәм ўазыйпаларды белгилейди;
Қарақалпақстан Республикасында социал-экономикалық
реформаларды әмелге асырылыўы ҳәм олардың мониторингын жүргизиўди шөлкемлестиреди;
Өзбекстан Республикасы Министрлер Мәкемесиниң Топланған
мәлимлеме-талқылаў департаменти менен бирге аймақларды социал-экономикалық
раўажландырыўдың комплекс программаларын ислеп шығыўда қатнасыў, олардың
избе-излик пенен әмелге асырылыўында қатнасады;
Басқармаға байланысы бар болған Президент Ҳүким, қарар
ҳәм буйрықлары, Ҳүкимет қарар ҳәм буйрықларының атқарыўы үстинен қадағалаў бойынша
басқарманың искерлигине басшылық етеди.
Басқармаға келген ҳүжжетлердиң атқарылыўын тәмийинлейди.
Басқарма қәнигелерине тийисли тапсырмаларды береди ҳәм олардың атқарылыўын
қадағалаў етеди. Басқарманың ишки режими бойынша қала ҳәм районларға
бириктирилген қәнигелер искерлигин муўапықластырады;
Аймақды социал-экономикалық раўажландырыў қала ҳәм район
ҳәкимликлери, жергиликли басқарыў шөлкемлери жумысын шөлкемлестириў, олардың
жумыс искерлигин жақсылаў ҳәм жетилистириў бойынша усынысларды киритеди;
Жергиликли ҳәкимликлер, аймақлық басқарыў органлар ҳәмде
тийисли Қарақалпақстан Республикасындағы кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкем басшыларынан
ҳәм орынларда социал-экономикалық реформаларды әмелге асырыў, қабыл етилген қарарлардың
ўақтында сапалы атқарылыўын талап етеди, олардың атқарыўы бойынша оператив ҳәм
статистика мағлыўматын сорап алады;
Басқарманың мәлимлеме талқылаў искерлигинде алынған
нәтийжелерди Министрлер Мәкемесине ҳәм Министрлер Кеңеси Баслығына жеткереди;
Басқарма хызметкерлери ортасында ўазыйпаларды бөлистиреди,
олардың атқарылыўын қадағалайды. Басқарма хызметкерлери тәрепинен мийнет тәртибине
әмел етлиўин тәмийинлейди;
Министрлер Кеңеси жанында дүзилген жумысшы комиссия ҳәм
басқармалар жумысында актив қатнасады. Атқарыў тәртибин беккемлеў бағдарында
тараўлардағы жағдайды сын анализлейди;
Басқарма тәрепинен өз кепилликлери шеңберинде таярланған хат-хабарларға
қол қояды;
Халық депутатлары Қарақалпақстан Республикасы, қала ҳәм
район Кеңеслериниң сессияларында, төмен жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият
шөлкемлериниң жыйналысларында, Министрлер Кеңеси комплекслери, қала ҳәм район
ҳәкимликлеринде өткерилетуғын жыйналысларда қатнасады.
13. Басқарма басшысы ўақтыншалық болмаған тәғдирде оның
ўазыйпасын бас қәниге атқарады.
14. Басқарманың бас ҳәм жетекши қәнигелери ҳәмде
1-категориялы қәнигелери өз искерлигин белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын функционал
ўазыйпаларына муўапық әмелге асырады.