21.12.2024, Шемби

Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети





  • Джуманиязов Мақсуд Алланазарович 

    Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баслығы ўақтынша ўазыйпасын атқарыўшы 

     Mәнзил:

    Бердах гүзари номерсиз жай

    Teлефон:

     0(361) 224-19-51; 0(361) 224-08-77

     E-mail:

     rktabiat@exat.uz nukus@uznature.uz

    Қабыллаў күнлери:

     Сәршемби 09:00-13:00



  • Жоллыбеков Мурат Бахтиярович

    • Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баслығының орынбасары

     Mәнзил:

    230100, Нөкис қаласы, Бердах гүзари номерсиз жай

    Teлефон:

     0(361) 224-19-51; 0(361) 224-08-77

    E-mail:

     rktabiat@exat.uz    nukus@uznature.uz

    Қабыллаў күнлери:

     Сәршемби 09:00-13:00


    • Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баслығының

      лаўазым қағыйдалары

       

      I.                   Улыўма ҳалатлар

      1. Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баслығы өз жумысы даўамында «Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети ҳаққында»ғы ҳәм «Қарақалпақстан Республикаси Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети ҳаққында»ғы Нызамлары, басқа қоршаған орталықты қорғаўға тийисли Нызам асты ҳужжетлери, қағыйдаларына тийкар шөлкемлестирилген.

      2. Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығы Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети баслығы ҳәм баслық орынбасарына бойсынады.

      3. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарарына тийкарланып жумысқа тайынланады ҳәм босатылады.

      4. Лаўазымы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баслығы Бас мәмлекетлик инспекторы есапланады.

      II. Лаўазым мәжбүриятлары.  

      1. Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, Коллегиясы, мәхалле қоры Кеңеси, Мәмлекетлик экологик экспертизасы ҳәм экологик сертификаты басқарады. Қарақалпақстан Республикасы комитети менен қала ҳәм районлар ара инспекциялары, тәбияттан пайдаланыў экономикасы, қәнигелер, бухгалтерия, нызам, хожалық жумыслары бөлимлери, арнаўлы бөлим ҳәм пуқаралық қорғаў жумысларын муўапықластырады.

      2. Қарақалпақстан Республикасы аймағында Мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик басқарыў органлары, пуқараларды өз-өзин басқарыў жергиликли органлары ҳәм басқа мәмлекетлик емес кәрханалар менен биргеликте тәбиятты қорғаў нызамларына бойсыныўы ҳәм коршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбиий ресурслардан пайдаланыўда тармақларара басқарыўын әмелге асырылыўында мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады.

      3. Қарақалпақстан Республикасы экономикалық-социаллық раўажландырыў жойбарлар ҳәм дәстурлерде жалғыз қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбиий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў сиясатын алып барады.

      4. Кәрхана, мекемелер тәрепинен қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбиий ресурслардан комплекс пайдаланыў, сақлаў, қайта ислеп шығарыў уақтында жойбар ҳәм дәстурлердиң орынланыўын устинен қадағалаўды тәмийинлейди.

      5. Кәрхана, мәкемелер ҳәм басқа тәбияттан пайдаланыўшылар тәрепинен   қоршаган орталықты қорғаў ҳәм тәбиий ресурслардан комплекс пайдаланыў тарауындағы жойбарлар ы ҳәм ис-илажлары келисиледи ҳәм орынланыўы устинен қадағалаў алып барады. Норматив хужжетлерди ҳәм қоршаған орталықты патасланыўшылық ушын компенсацион төлемлер есап-китабын тастыйықлайды ҳәм тәбиий қоршаған орталықты ҳәм тәбиий ресурслардан пайдаланыў тараўында тийисли рухсатнамалар береди.

      6. Топырақ, пайдалы қазылмалар, суў, атмосфера хаўасы, өсимлик ҳәм хайуанат дунясының халаты бойынша мониториң журитилиўи муўапықластырады, обеъктлардың патасланыўы аналитик қадағалаў ҳәм қоршаған орта ҳәм тәбийи ресурсларға зиянлы тәсирлер туўрысында мағлыўматлар банкини жаратылыўына методик басшылык етеди.

      7. Жаңа (қурылып атырған) объектларды, тәбиятты қорғаў объектлерин қабыл қылыў ҳәм иске тусириў бойынша мәмлекетлик комиссиялары жумысында, барше турдеги фаолият турлери ушын жер ажыратыў хужжетлерин келисиўде қатнасады.

      8. Халық арасында экологик билим ҳәм мәдениятты асырыў бойынша угит ҳәм насият жумыслары әмелге асырылады, жаслар арасында экологик тәлим дәрежесин көтериўге көмеклеседи.

      9. Карханалар ҳәм хожалық журитиўши субъектлерде тәбиятты қорғаў нызамларына бойсыныўы жузесинен комплекс тексериўлерди шөлкемлестиреди ҳәм оны өткизилиўин қадағалайды.

      10. Қарақалпақстан Республикасы, қала ҳәм район   тәбиятты қорғаў инспекциялары қәнийгелериенен өз хызмет ўазыйпаларын орынламаған халатлар ушын тусиндириўлер талап етиледи.

      11. Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети тәрепинен берилген тапсырмаларды өз уақтында орынланыўы, минет ҳәм ислеп шығарыў тәртибине қатаң бойсыныўы ҳәм өз жумыс уақтынан пайдаланыўы керек.

      12. Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитетине Қарақалпақстан Республикаси комитети тәрепинен орнатылған тәртипте есабат берилиўи шөлкемлестиреди ҳәм тәмийинлейди.

      III. Ҳуқықлары

      1. Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм район аймағында кәрханаларға, мекемелерге лаўазымлы шахсларға ҳәм физикалық шахсларға тәбиятты қорғаў барасында көрсетпелер береди.

      2. Қарақалпақстан Республикасы, қала ҳәм район аймағында карханалардан Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаўдың экономикалық механизмини әмелге асырыўға қаратылған қарарларына тийкар төлеў есабатларын тапсырыўын ҳәм төлеў қаржыларын мәхелле қорына өндирилиўи бойынша мағлыўматлар талап етиледи.

      3. Қарақалпақстан Республикасы, қала ҳәм район инспекторларының ис режелерин орынланыўы қадағалаў, олардың есабат жумысларын ҳәм инспекцион жумысларын жақсылаўға салыстырғанда өз усынысларын киритиў хуқықына йие.

      4. Тәбияттың патасланыуы, оған жеткизилген зиян, ресурслардан ақылға уграс пайдаланылмағанлығы ушын юридик ҳәм физикалық шахсларға даўагерлик қылады.

      5. Өз вакалаты шеңберинде Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында хәкимшилик жуўапкершилик бойынша хужжетлерди көрип шыгады ҳәм Өз Р ХЖхКке тийкар хәкимшилик жарима салады. келгенде хужжетлерди хуқықты қорғаў органларына жибереди.

      6. Өзбекистан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети аппаратына тәбиятты қорғаў барасында өз жумысын алып барыў мәқсетинде зәрур жағдайлар жаратып бериў ушын муражаат қылады.

      IV. Билимге қойылған талаплар

      1. Өзбекстан Республикасы ҳәм Қаракалпақстан Республикасы Конституциясы, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Жоқарғы Кенгеси баслығы пәрман, қарарлары ҳәм бийликлерин, Олий Мәжлис ҳәм Жоқарғы Кенес қарарлары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министлер Кеңесиниң қараларын, Экология хам қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы комитети Нызамын ҳәм норматив хужжетлер, ӨзР Мийнет Кодексиниң, Қәнийгелерди аттестациядан өткизиў тәртибин, ӨзРХЖхКты, ӨзР Жынаят Кодексиниң экологияға тиисли бөлимин, хожалық жумысларын қоршаған ортаға ҳәм тәбиий ресурсларға тәсириниң тийкарғы көрсеткишлерин ислеп шығып кәрханалардың ҳәм қоршаған орталықты қорғаў имаратларының жумыс технологияларын билиўи керек.

      2. Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети ҳәм Қ Р Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети буйрықларын билиўи шәрт.

      3. Тексериў нәтийжелери хужжетлерин ҳәм көрсетилген кемшиликлерди сапластырыў бойынша өз усынысларын киритиўи керек.

      4. Қоршаған орталықты қорғаў бойынша шығарылған нызамларға тийкар хәкимшилик шаралар көриўин билиўи керек. Хуқықбузарлық ушын тузилген баяннама, қарарды қатесиз нызам ҳәм нызам асты хужжетлерди тийкарында толтырылыўын билиўи керек.

      5. Өз жумысы даўамында илимий тийкарда пайдаланыўы керек.

      6. Өз үстинде билимин асырыў ушын ислеўи, илимий билимлерди асырыўды өз қәнийгелиги бойынша методик қолланбаға тийкарланып жумыс алып барыу лазым.

      V. Квалификацияға талаплар

      Жоқарғы мағлыўматлы яки эколог болыўы талап етиледи. Экология ҳәм қошаған орталықты қорғаў тараўында яки мәмлекетлик басқарыў органларында 5 жылдан кем болмаған жумыс стажына ийе болыўы лазым.