21.12.2024, Шемби

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Д.Қайпов жеке қабыллаўын өткерди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Д.Қайпов жеке қабыллаўын өткерди. Онда, өз мүрәжатлары менен келген пуқаралардың мәселелери жуўапкерлер қатнасыўында тыңланды.


Қабыллаў даўамында басым көпшилик машқалалар өз орнында шешимин тапқан болса, қалған мәселелердиң унамлы тәрепке шешилиўи бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди ҳәмде орынланыўы айрықша қадағалаўға алынды.

Таярлаған: ҚМУ журналистика факультети әмелиятшысы ­— Есенгелдиева Асем