Бүгин 2024-жыл 15-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов Жәҳән банки ўәкиллери В.Хикки, Л.Фарроуэй, У.Нараин, А.Абате ҳәм Н.Ахмедхожаевалар менен ушырасты.
Ушырасыўда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 16-февраль күнги ПҚ-2784-санлы Халықаралық раўажланыў аўқамы қатнасыўында «Ықлым өзгериўине бийимлесиўши ҳәм Арал теңизиниң қурыған ултаны ақыбетлерин жумсартыў дәстүри» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққындағы қарарының орынланыўы бойынша сөйлесиўлер алып барылды.
Буннан
соң, Жәҳән банки ўәкиллери районларда әмелге асырылып атырған жумыслар менен
жақыннан танысты.