21.12.2024, Шемби

Қоңырат районында «Молла Исақ» ҳүрметине ескерткиш орнатылды

Орта Азия халықлары, соның ишинде, қарақалпақлардың тили, тарийхы, мәденияты ҳәм этнографиясын Европаға танытыўда қоңыратлы Молла Исақтың атқарған хызмети айрықша болып табылады.


Дүньяға белгили венгриялы саяхатшы илимпаз Херман Вамберидиң 1863-жылы Орта Азияға саяхаты даўамында ол саяхатшы менен ушырасып, Қоңырат, Бухара, Самарқанд ҳәм Қаршы қалаларында бирге болады ҳәм ол жерлерден тарийхый ҳәм этнографиялық материаллар жыйнайды. Соңынан Молла Исҳақ Вамбери менен Иран ҳәм Түркия арқалы Будапешт қаласына барып, Венгрия илимлер академиясында жемисли хызмет ислейди. Халқымыздың этнографиясына тийисли бир қатар шығарма ҳәм әпсаналарды венгер тилине аўдарыўға өзиниң жақыннан жәрдемин береди ҳәм 1892-жылдың 22-май күни Венгрияның Веленце қаласында эмфиземи кеселлигинен қайтыс болады. Оның ислеген бул хызметлери бүгинги күни де елимизде ҳәм Европада ҳүрмет пенен тилге алынады.


2021-жылы дүньяға белгили жерлесимиздиң ҳүрметине Қоңырат районы «Молла Исақ» жәмәәтлик мешити қурылып, пайдаланыўға тапсырылған еди.

Жақында усы мешит қасынан Молла Исақтың ҳүрметине ескерткиш қурылып, оның ашылыў мәресими болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев, район ҳәкими Б.Мадаминов ҳәм Венгрияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Йозеф Рожалар қатнасып, уллы жерлесимиз Молла Исҳақ өмири ҳәм дөретиўшилиги туўралы өзлериниң жақсы пикирлерин билдирди.