Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты мәжилислер залында тараў қәнигелерин кѳкирек белгиси менен сыйлықлаў ҳәм хошаметлеў мәресими болып ѳтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары Р.Нуразизов ҳәм М.Ахмедова, Ѳзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы қәнигелери Н.Жамалов, Қ.Аллахов, имам-хатиблер И.Шерниязов, А.Матсапаев, Беруний районы бас атынайысы Э.Қурбанбаева, Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний медресеси оқытыўшысы Ж.Ишаевлар «Диний кеңпейиллик» кѳкирек белгиси менен сыйлықланды. Нураный имамлардан М.Абдираззақов, Н.Айимбетов, Т.Саидовлар, Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқыўшылары Р.Оразбаев, О.Балтабаев, Ҳ.Каримхонов ҳәм А.Исмаиловлар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы» ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Сыйлықлаў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов сыйлық ийелерине кѳкирек белгиси ҳәм ҳүрмет жарлықларын тапсырды ҳәм сыйлық ийелерин қутлықлады ҳәм алдағы жумысларында табыслар тиледи.