21.12.2024, Шемби

Бүгин 2023-жыл 2-декабрь күни пайтахтымыз орайында жайласқан Қарақалпақстан көркем-өнер сарайында “3 декабрь – Халықаралық майыплар күни” мүнәсибети менен «Меҳир қуяшынан бахыт тапқан инсанман» «Ҳәр бир бала Жаңа Өзбекстан итибарында» атамаларында қайыр сақаўат концерти өткерилди.

Бәршеңизге мәлим, Ҳүрметли Президентимиздиң 2023-жыл 1-июньдағы “Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў ҳәмде оның нәтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплекс илажлар ҳаққында”ғы ПП-82-санлы Пәрманы қабыл етилип, “Социаллық қорғаў миллий агентлиги” шөлкемлестирилди.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасының “Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққындағы” ҳәмде “Майыплар ҳаққындағы конвенцияны ратификация қылыў ҳаққында” Нызам (Қонун) лары Республикамызда майыплығы болған шахслар ушын инклюзив жәмийет қурыў тийкарларын жәнеде беккемлейди. Сол тийкарда бүгин пайтахтымыз орайында жайласқан Қарақалпақстан көркем-өнер сарайында “3 декабрь – Халықаралық майыплар күни” мүнәсибети менен «Меҳир қуяшынан бахыт тапқан инсанман» «Ҳәр бир бала Жаңа Өзбекстан итибарында» атамаларында қайыр сақаўат концерти өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов, Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров қатнасты, ҳәмде сөзге шығып бугинги байрам менен иләж қатнасыўшыларын қутлықлап, бир қатар имканияты шекленген шахсларға баҳалы саўғалар тапсырылды. 

Байрам салтанаты қөркем өнер тараўы ўәкиллери қатнасыўында концерт бағдарламасы менен даўам етти.