Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Жәмийетлик транспорт системасын реформалаў ис-иләжлары ҳаққында" ғы ПҚ-59-санлы қарарына тийкар, Нөкис қаласы ишиндеги жөнелислерди оптималластырыў жумыслары алып барылды.
Нөкис қаласында қала ишинде ҳәрекетлениўши жөнелисли таксилер көпшилигиниң ақырғы бәндиргиси Орайлық дийхан базар жанындағы автотранспортлар тоқтап турыў орны етип белгиленген болып, бул аймақта транспортлардың қатнаўында тирбентликлер жүзеге келип, бир қатар унамсыз жағдайларға алып келмекте. Усындай машқалалардың алдын алыў, жолаўшыларға, автотранспортларға қолайлық жаратыў мақсетинде, қала ишиндеги жөнелислердиң ақырғы бәндиргисин бир бирине тутастырыў, биргелестириў жолы менен қайта шөлкемлестириў белгиленген.
Яғный, қала ишиндеги 92 жөнелисте "Дамас" автотранспортында хызмет көрсетип атырған жөнелислер оптимизацияланып, 29 кең сыйымлы микроавтобус жөнелислерине өзгертиў бойынша жумыслар алып барылды.
Нѳкис қаласында жолаӯшыларды М2 категориялы кең сыйымлы микроавтобуслар менен қамтыӯға қаратылған 29 жаңадан жѳнелислер шөлкемлестирилди ҳәм Транспорт министрлигиниң e-tender.uztrans.uz электрон базасына киритилди.
Сондай-ақ, усы қарар тийкарында 15 автобус жөнелиси шөлкемлестирилип, бунда жолаўшыларды тасыўда брутто- шәртнама тийкарында әмелге асырылады ҳәм қаржыландырылады. Тасыўшы кәрханалар тәрепинен автобуслар сатып алыўы ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратылады.