21.12.2024, Шемби

Аймақлық транспорт тараўларында автоматластырылған диспетчерлик хызметлерин шѳлкемлестириӯ


Усы жылдың 7-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-февралдағы “Жәмийетлик транспорт системасын реформалаў иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-59-санлы қарарына муўапық «Қарақалпақстан Республикасы жолаӯшы тасыӯды мониторинг қылыў ҳәм бақлаӯ шѳлкеми» шөлкемлестирилди. Бул мәмлекетлик шөлкеми тасыўшылар тәрепинен жөнелис көрсеткишлериниң орынланыўын мониторинг қылыў, орынланған жумыс көлеми ҳәм сапасын анықлаў ҳәм де баҳалаў, жолкирей ҳақы тѳлениӯин ҳәм көрсетилген хызметлер сапасын бақлаӯды, автоматластырылған диспетчерлик басқарыўы ҳәм қадағалаўды әмелге асырыўшы мәмлекетлик басқарыў органы есапланады.


Төмендегилер Мәмлекетлик шөлкеминиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм функциялары есапланады:


👉 Диспетчерлик хызмети -қала автобус бағдарларында басқарыў ҳәм қадағалаў системасын жетилистириў, автобуслар ҳәрекетиниң жөнелис схемасына ҳәм кестелерге муўапықлығын нәтийжели мониторинг қылыў, сапа көрсеткишлерин бақлаў ҳәм де баҳалаў ушын хызмет етеди;


👉 Диспетчерлик хызмети- жәмийетлик транспортын аралықтан мониторинг қылыў технологияларынан ҳәм де қадағалаўшылар хызметинен пайдаланған ҳалда қала жәмийетлик транспортының басқарыў, қадағалаў ҳәм баҳалаў процесслерин автоматластырыў арқалы транспорт жумысының нәтийжелилигин асырыўды тәмийинлеўге жәрдем береди;


👉 Диспетчерлик хызмети тәрепинен анықланған тасыўшылардың жөнелислер бойынша орынланған жумыс көлеми ҳәм сапасы тасыўшылар менен есап -китапларды әмелге асырыў ушын тийкар болады;


👉Тасыўшылар тәрепинен жөнелис кестелерине, үзликсизликке әмел етилиўи ҳәм жөнелислер бойынша белгиленген кестелердеги автобуслар санын жумысқа шығарылыўы ҳәм де белгиленген рейслердиң толық орынланыўының есабын жүргизеди;


👉Арнаўлы программалық тәмийнат жәрдеминде реал ўақыт режиминде тасыў процесслерин оператив басқарыў, айрықша жағдайлар жүзеге келсе тасыўшылар ҳәм айдаўшыларға ескертиў хабарларын жибереди;


👉Жолаўшылардың айырым тайпалары ушын қала жәмийетлик транспортынан бийпул жүриў ҳуқықын беретуғын ҳүжжетлер менен танысыўы;


👉Жеңилликли транспорт карталарынан пайдаланыўшы пуқаралардың жеңиллик беретуғын ҳүжжетлери менен (студентлик гүўалығы, пенсия дәптершеси) танысыўы;


👉Жолаўшының ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерине қатаң әмел қылыўы, өз хызмет ўазыйпасын анық орынлаўы, жолаўшыларға салыстырғанда мәдениятлы мәмиледе болыўы керек.


Бул мәмлекетлик шөлкеми өз искерлигинде Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигине бойсынады ҳәм мәмлекет ҳәкимияты органлары ҳәм шѳлкемлери менен биргеликте жумыс алып барады.


Қалаларда автобус бағдарларының жаңа тармағының енгизилиўи, автоматластырылған төлеў системасы ҳәм автоматластырылған диспетчерлик хызмети Нөкис қаласында 2024-жылда жолға қойылыӯы нәзерде тутылған.