Инсан мәпи үстинлиги жолындағы әмелий жумыслардың көлеми ҳәм нәтийжелилиги асып баратырғаны,бүгининен разы болып,келешегине үмит ҳәм исеним менен қарап атырған журтласларымыз қатарының кеңейиýине хызмет етпекте.Бул реформалардың ҳәзирги басқышында жүдә әҳмийетли болып,"Халық мәмлекетлик уйымларға емес,мәмлекет уйымлары халыққа хызмет етиўи керек"деген турмыслық принциптиң жүзеге асыўын тәмийинлейди.
Халықтың машқалаларын мәнзилли үйрениў, оларды қыйнап киятырған машқалаларына шешим табыý мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер кеңесиниң баслығы Ф.Эрманов Әмиўдәрья районының “Дәрья бойы” аўыл пуқаралар жыйыны халқы ушын көшпели қабыллаў өткерип, пуқаралардың мүрәжатларын тыңлады. Қабыллаўда пуқаралар үй-жай алыў ушын субсидия,медициналық жәрдем, кадастр, ақаба суў жетиспеўшилиги, жумыссызлық мәселелери бойынша мүрәжат етти.
Мүрәжатлардың көпшилигине сол орынның өзинде унамлы шешим табылды.Шешими үйрениў ҳәм ýақыт талап ететуғын мүражатлардың орынланыýы қадағалаўға алынды.