Қоңырат районындағы 3100 ден аслам халық жасайтуғын"Рәўшан" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында "Абат шаңарақ-абат көше- абат мәҳәлле" принциплерин енгизиў бойынша алып барылып атырған илажлар аймақ турғынларының турмысына жаңаланыў, өзгерислер алып келмекте.
3100 ден аслам халық жасайтуғын бул аймақта әмелге асырылып атырған қурылыс абаданластырыў жумыслары нәтийжесинде аўылдың келбети жаңа түске енбекте. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы Ф.Эрманов аймақта халықтың турмыс абаданлығын асырыў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы менен танысты.
Аймақтағы 5-санлы мектептиң гүзги-қысқы таярлық жумысларын көзден кеширди. Буннан соң тийисли мекеме , шөлкемлердиң қатнасыўында аймақ халқының турмыс дәрежесин жақсылаўға қаратылған ўазыйпалардың орынланыўы додаланды.