21.12.2024, Шемби

Бүгин 2023-жыл 15-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң 119-санлы пәрманы тийкарында Хожели ҳәм Тақыятас районларында кең көлемли жыйналыс болып өтти

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл, 28-июль күни «Қарақалпақстан Республикасы халқын социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық шахслар тәрепинен қурылған турақ жайларға болған ҳуқықларды бериў ҳаққында»ғы 119-санлы пәрманы қабыл етилген еди.

Усы пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың 15-ноябрь күни Хожели ҳәм Тақыятас районларында кең көлемли жыйналыс болып өтти.



Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарход Эрманов басшылық еткен жыйналысқа  Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы баслығы Халмурза Бекчанов, Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Исатай Тлеуов, сондай-ақ, райондағы сектор басшылары, мәҳәлле баслықлары, ҳәким жәрдемшилери ҳәм исши топар ағзалары қатнасты.

Илажда турақ-жайларына мүлк ҳуқықы берилмеген пуқаралардың салық қарыздарлығын (егер болса) өндириў ҳәм қарыздарлық өндирилгеннен соң оларға мүлк ҳуқықын тиклеп бериўге рухсат етилетуғынлығы ҳаққында кең түсиник берилди.