ϴзбекстан
Республикасы Президенти Администрациясының 2023-жыл 30-октябрдеги 02/5–2288-санлы
ҳǝм де Қарақалпақстан
Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2023-жыл 2-ноябрьдеги 01-08/10-11/483-санлы
мǝжилис баяннамаларында Қарақалпақстан Республикасында “Биз бир болсақ-бир халықбыз, бирлессек-ўатанбыз!” идеясы
тийкарында “Мǝнаўият марафоны”нжоқарыда
дǝрежеде өткериў белгиленген.
Жоқарыдағылардан
келип шығып, усы жылдың 10-ноябрь күни Əжинияз атындағы Нөкис мǝмлекетлик
педагогикалық институтында “Мǝнаўият
марафоны” на старт берилди.
Онда кең жǝмийетшилик, жоқары оқыў орынларының
профессор оқытыўшылары, студент жаслары, мектеп оқыўшылары ҳǝм де “Мǝрифат” үгит-нǝсиятшылар
жǝмийетиниң ағзалары, ғалаба хабар қурал ўǝкиллери белсене қатнасты.
Сахнада
“Биз бир болсақ-бир халықбыз,
бирлессек-ўатанбыз!”, “Мǝнаўият марафоны”, “Жаңа турмыс ушын, Жаңа ϴзбекстан
ушын”атлы сүренлержазылған баннерлар илдирилип,үлкен LED экранынларында “Мǝнаўият марофоны” на хош келипсиз!”,“Жаңа ϴзбекстан” видеоролиги ҳǝм де
жаслар сиясатында байланыслы реформалар нǝтийжелери кең сǝўлелендирилген
видеороликлер қойылды.
“Мǝнаўият марафоны” ның ашылыў мǝресиминде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бɵлими баслығы Т.Атамуратов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўкамы баслығы, ϴзбекстан халық жазыўшысы К.Каримов, Қарақалпақстан Республикасы Жаслар агентлигиниң басшысы П.Мақсетбаев ҳǝм де Əжинияз атындағы Нөкис мǝмлекетлик педагогикалық институты ректоры ў.ў.а. Қ.Қадировлар қатнасты ҳǝм шығып сɵйледи.
Илаж
өткерилетуғын орны миллий салт дǝстүрлер, үрп-ǝдетлер сǝўлелендирилген
көргизбелер, китап ярмаркалары, ғǝрезсизлигимиз идеясы менен суўгарылған
көргизбели стендлер менен безетилген.
Усылар
менен бир қатарда, миллий өнерментшилик көргизбелериде шөлкемлестирилди.
Бүгинги өткерилген көпшилик илажларымыздың тийкарғы мақсети- жасларға елимизде жүргизилип атырған реформалар, қолға киргизилген жетискенликлер ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берип барыў, оларда Ўатанға муҳаббат, халқымызға садықлығын жǝне де арттырыў, тǝрбиясына унамсыз тǝсир етиўши идеялық қǝўиплерге қарсы иммунитетин беккемлеўге қаратылды.
Барлық министрлик, мǝкеме, шөлкем, кǝрханаларда, қала ҳǝм районларда
ҳǝм де оқыў орынларында китапқумарлықты
кең түрде үгит-нǝсиятлаў мақсетинде “Китап-мениң
ең жақын достым” (“Китоб – менинг
энг яқин дўстим”) сүрени астында “Инсан китап пенен, китап инсан менен тири”
(“Инсон китоб билан, китоб инсон билан тирик”) атамасындапавильон ҳǝм
де китап көргизбелери, “Ассалаўма ǝлейкум” (“Ассалому алайкум”) жойбары
тийкарындамектепке шегемги билимлендириў мǝкемелеринде сǝлемлесиў ǝдеби,
ǝдеп-икрамлылық бойынша тǝрбиялық интерактив ойынлары, “Сǝлемди умытыў-өзликти умытыў” (“Саломни унутиш —
ўзликни унутиш”) атамасында студент жаслар арасында сǝўбетлесиўлер, “Анамдай мийирбан Ўатан” (“Онамдайин меҳрибон Ватан”) жойбары шеңберинде, Ана-Ўатанға бағышланған
қосықлар ǝдебий көркем оқылды.
“ϴзбекстан-мениң Ўатаным!” (“Ўзбекистон
– менинг Ватаним!) темасындаоқыўшылар
ортасында баян жазыў таңлаўы, сондай-ақ, “Миллий кийимлеримиз-миллетимиз безеги”
(“Миллий либосимиз-миллатимиз безаги”) дизайнерлердиң көргизбели шығыўы, “Спорт-тынышлық елшиси” атамасында
спорт жарыслары, көркем ǝдебий кешелер, концерт бағдарламалары шөлкемлестирилди. “Мǝнаўий саяхат” жойбарында мектеп оқыўшылары музей-театрларға барып,
эстетикалық заўықланды.