Нөкис районын социал-экономикалық раўажландырыў мақсетинде 2023-жыл Инвестиция бағдарламасы тийкарында жәми 285,2 млрд. сўмлық 57 жойбар әмелге асырылыўы ҳәм 700 жаңа жумыс орынлары жаратылыўы режелестирилген.
Соннан, бүгинги күнде 84,5 млрд. сўмлық 15 жойбар әмелге асырылып 106 жаңа жумыс орынлары жаратылды.
Мине бүгин және бир ири жойбарымыздың ашылыў мәресими болып өтти.
Онда, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасып,
“Прогресс зеро инфинити” кәрханасы тәрепинен жойбар қуны 1,0 млн. АҚШ долларлық бир ўақыттың өзинде 1200 тонна мийўе-палыз өнимлерин сақлаў қуўатлылығына ийе Музлатқышлы қоймахана ҳəм мейўе-палыз өнимлерин қайта ислеў жойбары иске түсирилип атырғанлығын айрықша атап өтип, район халқына өз қутлықлаўын жеткерди. Буннан соң, район ҳәкими З.Зайтов бул жойбарды әмелге асырыў ушын “Ақманғыт” киши санаат зонасы аймағынан 16 сотых жер майданы ажыратып берилгенлиги,
“Қишлоққурилиш банк” Самарқанд филиалы тəрепинен МАР линиясынан (https://www.vsemirnyjbank.org/ru/news/factsheet/2021/04/15/what-is-ida)
700,0 мың АҚШ доллар муғдарында кредит қаржылары ажыратылып, Қытай Халқ Республикасынан зәрүр әсбап-үскенелер алып келингенлигин атап өтти.
Бүгинги күнде, жойбар толығы менен əмелге асырылып, 10 ға жақын жумыссыз жаслар турақлы жумыс орны менен тəмийинленген.