Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик уинверситетинде жақында “Қарақалпақстан” баспасынан жоқары сапада басылып шыққан “Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги” китабыныӊ VII томын кеӊ жәмийетшиликке таныстырыўға бағышланған семинар болып өтти.
Онда профессор-оқытыўшылар, тилши илимпазлар, қәнигелер, баспа хызметкерлери, студент жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларыныӊ ўәкиллери қатнасты.
Илажда Қарақалпақ мәмлекетлик уинверситетиниӊ Жаслар мәселелери ҳәм руўхый–ағартыўшылық ислери бойынша проректоры С.Алаўатдинов, университеттиӊ Қарақалпақ тил билими кафедрасыныӊ профессоры, филология илимлериниӊ докторы Ш.Абдиназимов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ мәмлекетлик тил мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси П.Дабылов, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Қарақалпақ тил билими кафедрасыныӊ доценти, филология илимлериниӊ докторы А.Пирниязова, усы институттыӊ доценти, филология илимлериниӊ кандидаты У.Ембергеновлар шығып сөйлеп, “Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги” китабыныӊ VII томыныӊ таярланыў процеси, оған киргизилген сөзлер, машқалалар ҳәм алдағы ўазыйпаларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, миллий мәдениятымыз бенен мәнаўиятымызды раўажландырыўда, оныӊ жоқары дәрежелерге ерисиўинде ана тилимиздиӊ тутқан орны айрықша әҳмийетке ийе, Соӊғы жыллары ана тилимизди сақлаўға, оны буннан былай да байытыўға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылып, бул бағдарда ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Соныӊ ишинде Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлигиниӊ берилиўи, “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамныӊ қабыл етилиўи қарақалпақ тили тарийхында жаӊа басқышты баслап берди.
“Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги” биринши мәрте 1982-1992-жыллары Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан филиалыныӊ Н.Даўқараев атындағы тарийх, тил ҳәм әдебият институтыныӊ сөзлик ҳәм терминология бөлими тәрепинен таярланып, төрт томлық жәрияланды. Мине биринши том жәрияланғанлы берли 40 жылға шамалас ўақыт өтти.
Тил жанлы организм сыяқлы бәрқулла раўажланып ҳәм байып барады. Тилдиӊ раўажланыў барысында оныӊ сөзлик қурамы басқа тараўларға салыстырғанда тез, сезилерли ҳәм үлкен өзгерислерге ушырайды. Жәмийетлик-сиясий, мәдений ҳәм экономикалық турмыстағы өзгерислер биринши гезекте тилдиӊ сөзлик қурамында өз сәўлелениўин табады. Усы өткен ўақыт ишинде қарақалпақ тили лексикасында жүз берген өзгерислер есапқа алынса, бул сөзликтиӊ жаӊа толықтырылған баспасын жаратыў ўақты келгени ҳәм бул бүгинги күнниӊ талабы екеннлиги сезиледи.
Қарақалпақ тилиниӊ сөзлик қурамында жүз берген усындай өзгерислер тийкарында қарақалпақ тилиниӊ дәўир талабына жуўап беретуғын көп томлы түсиндирме сөзлигин дүзиў ўазыйпасы ҳәм оны басып шығарыў мәселеси Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси жанындағы республикалық терминология орайыныӊ 2019-жыл 7-январьдағы қарары тийкарында қолға алынды. Қарақалпақстан Республикасмы Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ 2021-жыл 16-июльдеги қарары менен тастыйықланған 2021-2030-жылларда қарақалпақ тилин раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў концепциясында көп томлық толықтырылған басылымын баспаға таярлаў ўазыйпасы қойылды. Усы ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде жәмәәтлик басламада бул сөзликти дүзиў жумыслары басланды.
Илажда сөзге шыққанлар “Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги” китабыныӊ VII томы бойынша өзлериниӊ пикир-усынысларын билдирди ҳәм қызықтырған сораўларына қәнигелерден тийисли жуўап алды.