Усы жылдың 9-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў илажларына бағышланған ушырасыў болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Өтемуратов, «Ҳудудгазтаъминот» акционерлик жәмийетиниң Қарақалпақстан филиалы директоры Х.Айманов, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығы орынбасары Б.Оразбаев, сондай-ақ, Нөкис қаласындағы барлық жоқары оқыў орынларының ректорлары, факультет деканлары, тюторлар ҳәм тараў қәнигелери қатнасты.
Дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Өтемуратов, сөзге шығып, гүз-қыс мәўсимине таярлық дәрежесин көрип шығыў, газ ийисинен зәҳәрлениў ақыбетинде келип шығатуғын кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў, бул бағдарда анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў керек екенлигин атап өтти.
Буннан соң, сөзге шыққанлар жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлар, сондай-ақ, пуқаралардың ийис газинен зәҳәрлениўи, ҳаўа-газ араласпасының жарылыўы ҳәм өртлер менен байланыслы бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыўға қаратылған жумысларды еле де күшейтиў, көп қабатлы турақ жайларда ижарада жасайтуғын студент-жаслардың үйиндеги морыларды тазалатыў, жылытыў үскенелерин техника қәўипсизлигине әмел еткен ҳалда пайдаланыў кереклигин қосымша етти.
Илаж даўамында ушырасыў қатнасыўшыларына тараў қәнигелери тәрепинен техникалық қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў, ийис газден зәҳәрлениў ҳәм өрттиң алдын алыў менен байланыслы болған тарқатпа материаллар тарқатылды.