Буннан соң, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов "Рәўшан" аўылы халқы менен де ушырасып, олардың машқала ҳәм усынысларын тыңлады. Көшпели қабыллаў даўамында пуқаралар ишки көшелерди оңлаў, үйлерин оңлап бериўде әмелий жәрдем көрсетиў, медициналық жәрдем, кадастр хызмети сыяқлы мәселелер бойынша мүрәжат етти.
Үйрениў ҳәм мүддет талап етилетуғын мәселелер бойынша қатаң шаралар белгиленди ҳәм қадағалаўға алынды. "Абат шаңарақ-абат көше-абат мәҳәлле" принциплерин енгизиў бойынша халықтың машқалалары, социал-экономикалық жағдайын үйрениў ҳәм әмелий жәрдем бериў процесслери даўам етпекте.