21.12.2024, Шемби

Қоңырат районы "Рәўшан" аўыл пуқаралар жыйынында "Абат шаңарақ-абат көше-абат мәҳәлле" принциплерин енгизиў бойынша илажлар баслап жиберилди

Бүгин 2023-жыл 29-сентябрь күни Қоңырат районы "Рәўшан" аўыл пуқаралар жыйынында "Абат шаңарақ-абат көше-абат мәҳәлле" принциплерин енгизиў бойынша илажлар баслап жиберилди.



Аймақтағы 5-санлы улыўма билим бериў мектебиниң мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановтың басшылығында республика ҳәм аймақлық исши топар ағзалары қатнасыўында штаб мәжилиси болып өтти. Оған тийисли министрликлерден ўәкиллер, райондағы сектор баслықлары, мекеме ҳәм шөлкем басшылары, "Рәўшан" АПЖ беслиги, көше бийлери, көше басы ҳаяллары қатнасты. Мәжилисте "Рәўшан" аўылында әмелге асырылатуғын жумыслар додаланды ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды. Атап айтқанда, аўылдағы жәми 12 көшеге мекеме ҳәм шөлкемлер бириктирилди.




Көше басылар менен 600ге жақын шаңарақларды "үйме-үй" жүрип, олардың машқала ҳәм усынысларын үйрениў нәтийжелери бойынша "жол карта"сын ислеп шығыў ҳәм орынланыўын тәмийинлеў бағдарындағы ўазыйпалар белгиленди. Аймақ халқының турмыс абаданлығын асырыўға қаратылған илажларды өз мүддетлеринде орынлаў бойынша қатаң тапсырмалар берилди.