21.12.2024, Шемби

Қазақстан Республикасы туристлик кәрханаларыныӊ Қарақалпақстанға рәсмий сапары шөлкемлестирилди

Бүгин 2023-жыл 28-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Қазақстан Республикасы Манғыстаў ўәлаяты ҳәкимлиги ўәкиллери менен ушырасты. Ушырасыўда, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл 26-апрельдеги “Республиканыӊ туристлик потенциалын жедел раўажландырыў ҳәмде жергиликли ҳәм сырт елли туристлер санын еледе асырыўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-135-санлы қарары бойынша туристлик кәрханалар ушын жаратылған шәрт-шараятлар кеңнен додаланды. Буннан көзленген мақсет, Қарақалпақстан ҳәм Қазақстанныӊ туризм тараўындағы исбилерменлик субъектлериниӊ бирге ислесиўин жолға қойыў арқалы елимизге келиўши көп санлы сырт елли туристлер ағымын көбейтиўден ибәрат екенлиги айрықша атап өтилди.

 

Сондай-ақ, 1-октябрь сәнесине шекем сапары даўамында делегация ағзалары ушын Ерқосай ата, Мыздақхан, Ҳәким ата, Даўыт ата мақбаралары, Шылпық, Топырақ қала, Аяз қала мәдений мийрас объектлери, Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты, Игорь Савицкий музейи, Шымбай районыныӊ өнерментшилик устаханалары киби бир қатар туристлик объектлер бойлап 3 күнлик кеӊ көлемли инфотур шөлкемлестириледи. Соныӊ менен бирге, делегация ағзалары “Арал балықларынан 99 түрдеги тағам” гастрономиялық фестивалында қатнасыўы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси басшылары менен ушырасыўы ҳәм туризм тараўында өзара бирге ислесиў ҳаққында меморандумға қол қойыўы режелестирилген.