Бүгин Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында «Uzbekistan Airways» акционерлик жамийети тәрепинен дәслепки мәрте «Ашық сәўбет» шөлкемлестирилди.
Илажда Басқарманың қала ҳәм районлық бөлим баслықлары,
исбилерменлер, бизнеске қызығыўшы жаслар, туристлик компания ўәкиллери,
Республикамыз турғынлары сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм
блогерлер қатнасты.
Дәслеп, авиакомпания ўәкиллери жыл басынан берли «Uzbekistan Airways» АЖ тәрепинен әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар, жолаўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде алып барылып атырған турақлы акциялар ҳаққында айтып өтти.
Илаж даўамында авиа тараўының сыпатын буннан былай да
жақсылаў бойынша қатнасыўшылар тәрепинен пикир-усыныслар билдирилди.
Яғный, халық ушын қол жетерли баҳаларда авиабилетлердиң баҳасын арзанлатыў, Нөкис қаласынан турақлы рәўиште қоңсы Республикаларға туўрыдан-туўры авиарейслердиң қатнаўын жолға қойыў мәселесинде бирқанша усыныс ҳәм мүрәжатлар тыңланды.
Шөлкемлестирилген «Ашық сәўбет» жуўмағында «Uzbekistan
Airways» АЖ ўәкиллери билдирилген мүрәжатларға жуўаплар берди ҳәм орынлы
айтылған пикир-усыныслардың орынланыўы бойынша ўазыйпаларды белгилеп алды.