Хабарыңыз бар, буннан бир неше жыл илгери Тахтакөпир районында қаракөлшилик илимий нәсилшилик тәжирийбе станциясы өз жумысын баслаған еди.
Оның тийкарғы ўазыйпасы, тараўды раўажландырыў, сап қаракөл нәсилли қойларының элита генефондын сақлаў ҳәм көбейтиў болып есапланады.
Бүгинги күнде бул жерде 2400 бастан аслам қаракөл сүр қойлары күтимли бағылмақта ҳәм оны қысқы мәўсимнен шығынсыз алып шығыў ушын ветеринариялық иләжлар өз ўақтында әмелге асырылмақта.
Сондай-ақ, шопанлар «Қаракөлшилик» аўқамы тәрепинен гүзги ҳәм қысқы кийимлер менен тәмийинленбекте.
Буннан тысқары, Нөкис қаласының «Қызкеткен» елатында жайласқан «Панаев қаракөл кластер» кәрханасында қой жүнин қайта ислеў жолға қойылған.
Ол жәми суммасы 730 миллион сумлық жойбар шеңберинде Қытай мәмлекетинен тийисли үскенелерди сатып алып, өз жумысын даўам еттирмекте.
Кәрхананың үзликсиз жумыс ислеўи ҳәм ҳәр қандай жағдайда электр энергиясынан үнемли пайдаланыў мақсетинде қуяш панеллери орнатылған.
Соның менен бирге, Төрткүл районында жумыс алып барып атырған фермер хожалықларында сапалы қарақалпақ сүр терилери жетистирилмекте.
Бул өз гезегинде дүнья мәмлекетлериниң усы терилерге болған талабын арттырып, ҳәзирги ўақытта Россия, Қазақстан, Дагистан, Қырғызстан ҳәм Түркменстан сыяқлы мәмлекетлерге экспорт етилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети