Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Өтемуратов өзиниң жеке қабыллаўын өткерди.
Қабыллаўға пуқаралар өз мүрәжатлары менен қатнасты.
Тийкарынан пуқаралар тәрепинен уй-жай менен тәмийинлеў, бәнтлик, материаллық жәрдем мәселелери бойынша мүрәжатлар келип түсти.
Тийисли тәртипте мүрәжатлар көрип шығылды ҳәм бир неше мүрәжат сол ўақытта өзиниң шешимин тапқан болса, айрымлары жеке қадағалаўға алынды.