Бүгин 2023-жыл 4-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын тыңлады.
Қабыллаўда, пуқаралардың бәнтлик мәселеси, турақ жайын термит қурты жеп кетиў ақыбетинде қулаў ҳалына келип қалғанлығы, пайтахтымыздағы 46-санлы «прогресс» аты менен танылған мектеп оқытыўшыларының мүрәжатлары ҳәм исбилерменлер тәрепинен Мойнақ районында тигиўшилик фабрикасын жолға қойыў, 1 га майданда жайласқан имаратта қурылыс материалларын ислеп шығарыў бойынша исбилерменлигин баслаў ушын газ тартыўда әмелий жәрдем бериў бойынша мәселелер көрип шығылды.
Атап
айтқанда, Қоңырат районынан келген пуқара Н.Садикованың жумыс бойынша мәселеси усы
жылдың 1-октябрь сәнесинен баслап жумысқа орналастырылатуғын болды.
Исбилермен
Қ.Сейтниязовтың газ бойынша машқаласы, бир ҳәпте мүддет ишинде жалғап берилетуғын
болып, мәселе унамлы тәрепке шешилди.
Ал қалған мүрәжатлер ушын исши топар дүзилип, машқала орнына шыққан ҳалда үйренилетуғын болды.