Бүгин Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында қарақалпақстанлы исбилермен, "Muynak tour" туристлик фирмасы директори Бекжанова Амина менен жас исбилерменлер ҳәм бизнеске қызығыўшы жаслар арасында ушырасыў болып өтти.
Жақында ғана А.Бегжанова “20-август исбилерменлер күни” қарсаңында Президентимиз тәрепинен “Дослық” ордени менен сыйлықланған еди.
Ушырасыў даўамында исбилермен өзиниң мийнет жолы ҳәм бай тәжирийбеси менен бөлисти.
-"Алдын исбилерменлер ушын бундай шәраятлар дерлик болмаған еди. Бүгинги күнге келип бизнес искерлигин баслаў ушын барлық имкәниятлар жаратылып атыр. Туризм тараўында исбилерменлигин баслаўды қәлеўши жаслар ең дәслеп, усы тараўда бир жыл даўамында тәжирийбе топлап алыўын мәсләҳәт берген болар едим"-дейди Амина Бекжанова өз сөзинде.
Мағлыўмат ушын: А.Бегжанова 25 жумыссыз жасты турақлы жумыс пенен тәмийинлеген, республикамызға келген туристлерге жәми 12 жөнелис бойынша хызмет көрсетеди.
Ушырасыўда жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.